Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 102.14K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 6

2024-05-02 18:36:59
"Хазир алин кейн толен" атамасында озимиздин миллий брендимиз болган Mobishop компанияси сиз хурметли харидарлар ушин 3-4-5 май кунлери оз акциясин   жаряалайды сизди "MobiShop" та кутемиз
Маглумат ушин тел:
+998951360005
+998951370005
Манзиллеримиз: Нокис каласы “MEGA NUKUS“ сауда орайы.(1-кабат)
Нокис каласы “Орайлык Базар“ туннел жанында

Социал тармакларымыз:
                                               
Instagram | Telegram | Telegram bot

Реклама
38.4K views15:36
Buka / Bagaimana
2024-05-02 18:36:18
Сокращениеге түскен тараўлар ҳәм штатлар саны анық болды

@Karakalpak24
32.7K views15:36
Buka / Bagaimana
2024-05-02 18:19:47
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атыр

Бүгин мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында III Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилип атыр.

Онда дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырған болып, өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жойбарларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды.

Бүгинги өткерилип атырған илажда да 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды.

Форум шеңбериндеги илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев та қатнасып атыр.

Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар мәмлекетлер исбилерменлери менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Сөйлесиўлер барысында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте.

@Karakalpak24
34.2K viewsedited  15:19
Buka / Bagaimana
2024-05-02 17:48:37
Marmaris Family Restaurant & Hotel ресторан ҳәм мийманханасына хош келипсиз!

Нөкис орайында жаңа мийманхана ҳәм ресторан!
Биз сизге қолайлы мийманханамыз хәм ресторанымызда хызметлеримизди усынамыз.

Биздиң абзаллықларымыз :
-Қолай жайласыў, аэропорттан       бар жоғы 1 шақырым жол
- Қаламызды тамаша қылыу ушын пияда барыу имканы
-Музейлер ҳәм қала орайына жақын
- Ресторанымызда Турк аспазлары тарепиннен тайарланған мазалы тағамлары
-Ресторанымызда балалар ойын майданшасы

Мийманхана хызметлери:
-Турк рестораны
-Мийманханаға қабыллау 24/7
-50 адам ушын мөлшерленген конференция залы
-Бийпул азанғы ас (Шведский стол)
-Авто турар орны
-Бийпул Wi-Fi
-Телевизор (Smart TV)

Ҳәзирден орынларды бәнт етиң хәм Нөкис қаласында уақтыңызды биз бенен умытылмас етиң!
Телефон якиТелеграм арқалы байланысыў жолы менен ханаңызды бронь етиң.
Биз сизди кутемиз!!!

Бронь қылыу ушын;
Ресторан:       +998 90 590 55 88
Мийманхана: +998 91 307 55 88

Мәнзил: Нөкис қаласы, Жолмурза Аймурзаев 34
Бағдар: Ислам Каримов көшеси

Marmaris Family Restaurant & Hotel мийманхана ҳәм ресторанында қолайлық ҳәм тынышлық орталығында болыу имканиятын қолдан жибермең!

Реклама
35.8K views14:48
Buka / Bagaimana
2024-05-02 17:05:12
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин

Билесиз, күнлер жылып, апрель айы келиўинен баслап Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында «пикник» шөлкемлестириў мапазы басланып кетеди.

Бул өз гезегинде ана тәбиятымызға өз зыянын тийдирместен қалмайды. Себеби, биреўлер азықлық өнимлердиң шығындысын таслап кетсе, биреўлер өсип турған жасыл шөпти басқылап, оның қуўрап қалыўына себепши болмақта.

Социаллық тармақларда буған байланыслы видеоконтент пайда болды. Буны сиз де көриўиңиз керек деп ойлаймыз.

Видеоны «пикник» шөлкемлестириўди жобаластырып жүрген танысларыңызға жиберип қойың.

@Karakalpak24
37.7K views14:05
Buka / Bagaimana
2024-05-02 16:54:22
Бүгиннен баслап протез ҳәм басқа реабилитация қураллары ушын жәрдем пул муғдары көбейди

Президенттиң 27.02.2024-жылдағы ПҚ-88-санлы қарарына тийкар 1-майдан баслап:

протез ҳәм реабилитация қуралларын сатып алыў ушын мәмлекет тәрепинен мүтәж адамларға берилетуғын пул муғдары 3 есеге, пулы қаплап берилетуғын реабилитация қуралларының түрлери 10 есеге шекем арттырылады;

майыплығы болған шахсларға протез ҳәм реабилитация қураллары қосымша ҳүжжетлерсиз бериледи;

майыплық топары болмаған пенсия жасындағы шахслардың протез ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақ “Медициналық социаллық экспертиза” электрон мәлимлеме системасы арқалы бериледи.

@Karakalpak24
36.6K views13:54
Buka / Bagaimana
2024-05-02 16:26:38
Реклама
36.7K viewsedited  13:26
Buka / Bagaimana
2024-05-01 18:45:11
20 жыллық дем алыс: Тайсон қайтпақта!

Профессионал бокс бойынша бурынғы жәҳән чемпионы Майк Тайсон дерлик 20 жыллық дем алыстан кейин 58 жасында еки минуттан 8 раундқа мөлшерленген ринг беллесиўине таярлық көрмекте.

Усы жыл 20-июль күни “ютубшы” Жейк Полға қарсы өтетуғын бул беллесиў Тайсонның үлкен сахнаға қайтыўы сыпатында талқыланбақта.

Бул пикирди Техас бокс комиссиясы айтып өткен.

Бул беллесиў АҚШтың Арлингтон провинциясындағы “АT&T” комплексинде шөлкемлестириледи.

“Netflix” телеканалы арқалы жанлы эфирге узатылатуғын беллесиў 27 жастағы Пол ҳәм 58 жасқа толатуғын Тайсон арасындағы жас өзгешелиги себепли көргизбели тәризде уйымластырылыўы күтилген еди. Соң тәреплердиң келисимине бола, беллесиў толық профессионал бокс жарысы түринде өткерилиўи белгиленди.

@Karakalpak24
28.8K views15:45
Buka / Bagaimana
2024-05-01 18:00:02 "Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи?

Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи:

социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар;

кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер;

бағыўшысынан айырылған шаңарақлар;

көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар;

мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар;

медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар;

жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар.


@Karakalpak24
32.4K views15:00
Buka / Bagaimana
2024-05-01 17:52:14
Сокращениеге түскен тараўлар ҳәм штатлар саны анық болды

@Karakalpak24
29.8K views14:52
Buka / Bagaimana