Get Mystery Box with random crypto!

7-май күни Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымб | Каракалпак 24

7-май күни Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласында "свет" өшеди

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тǝрепинен 2024-жылы жоқары кернеўли 110 кВлы “Орайлық” ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген.

Усы жумысларды өткериўге байланыслы 2024-жыл 7-май күни саат 8-00 ден 18-00 аралығында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласы аймақларында электр энергиясы менен тǝмийнлеўде шеклеўлер болатуғынлығын билдиремиз.

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы

@Karakalpak24