Get Mystery Box with random crypto!

Арал бойынан динозавр излери табылғаны распа? Социал тармақл | Каракалпак 24

Арал бойынан динозавр излери табылғаны распа?

Социал тармақларында Арал бойынан динозавр излери ҳәм динозавр баласының сүйеклери табылғаны хаққында хабар тарқалды.

Бул хабарларға анықлық киритиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлимине қараслы Қарақалпақстан тәбийий пәнлер илмий изертлеў институтының геология лабороториясы басқарыўшысы Иззет Айымбетов пенен сәўбетлестик.

Динозаврларға тийисли кем ушырайтуғын сүйек ҳәм излерин табыў изертлеў қашаннан, ким тәрепинен басланды?

Өткен жылдың сентябрь айында Қарақалпақстанлы алымлар менен шериклик қылыў мақсетинде Словакиядан бир неше палеонтолог алымлар келди.

Олардың арасында суўда жасайтуғын динозаврдың кишилеў түриниң сүйеги де бар. Алымлар елине қайтип кетиўди ҳәм усы жылдың апрель айы басында және Қарақалпақстанға келип, изертлеў жумысларын даўам еттирип, Үстюртте динозавр излерин тапты.

Табылған излер жыллар даўамында қандай сақланып қалғаны бизге жүдә қызық…

-Динозаврлардың излери жерге батып, ўақыт өткен сайын геологик процесслер нәтийжесинде тасқа айланып қалады.Ҳәзир алымлар әне сол таслар излерин шуқыр үйренбекте.

@Karakalpak24