Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Logo saluran telegram karakalpak24 — Каракалпак 24
Topik dari saluran:
Тайынлаў
Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 104.79K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru

2024-04-24 18:48:07
Мектеплердеги айырым лаўазымларды қысқартыў усыныс етилмекте

Улыўма билим бериў, музыка мектеплери, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў шөлкемлериндеги бир қанша лаўазымларды қысқартыў усыныс етилмекте.

Постты педагог танысларыңызға тарқатың.

@Karakalpak24
33.3K views15:48
Buka / Bagaimana
2024-04-24 17:23:30
Алмата-Нѳкис-Алмата жѳнелиси бойынша авиақатнаўларға билетлер сатылыўы басланды

Усы жылдың Июнь сәнесинен баслап «Алмата-Нѳкис-Алмата»  жѳнелиси бойынша ҳәптениң Дүйшемби, Сәршемби ҳәм Шемби күнлери парўазлар әмелге асырылады.

Билетлерди flyarystan.com арқалы алыўыңызға болады.

@Karakalpak24
35.3K views14:23
Buka / Bagaimana
2024-04-24 17:10:54
Президент мектеплериниң жергиликли оқытыўшыларына 350% муғдарында қосымша үстеме төленеди

Үстеме педагоглар тәрепинен төмендеги шәртлер орынланған жағдайда төленеди:

Кембридж халық аралық тәлим бағдарламалары тийкарында сабақ берилетуғын пәнлерди оқытыў бойынша 3 (Introductory, Extension, Marking) курсты табыслы тамамлаў ҳәм сертификат алыў;

— Президент мектеплеринде кеминде 1 жыллық жумыс стажына ҳәм шет тилин билиў бойынша кеминде С1 дәрежедеги ямаса оған теңлестирилген дәрежедеги халық аралық сертификатқа ийе болыў.

@Karakalpak24
32.3K views14:10
Buka / Bagaimana
2024-04-24 17:00:55
Балаңыздың иши тез-тез аўырып атырма?

GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасының тажрийбели паразитолог ҳәм гастроэнтеролог шыпакерлери организмди қуртлардан ҳәм шлаклардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерин усыныс етеди.

Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
Теридеги ақ дағлар; Колит ҳәм диярея; Аллергиялық кеселликлер; Киндик әтирапы аўырыўы; Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; Түнде тисин ғышырлатыў; Көзлерди пирпиретиў; Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

Баҳасы 3 кунге: 7-жасға шекем-255 000 сўм. 7-жастан үлкенлерге -285 000 сўм.
Жумыс ўақты: 09:00-12:00, 16:00-18:00.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377
@gulnazmeddiagnostic

Реклама
28.9K views14:00
Buka / Bagaimana
2024-04-24 16:18:31
Айырым исбилерменлерге 50 млн. сумға шекем кредитлер гиреўсиз бериледи

"Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер ажыратыўды жетилистириў ҳәм де халықтың турақлы дәрамат дерегин көбейтиўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (161-сан, 19.04.2023 ж.) қабыл етилди

Қарарға көре, шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлер проценти жыллық 14 проценттен аспайды. Бунда:

кредитлер бағдарламалар бойынша дәслеп кредитлерден пайдаланбаған адамлар ҳәм исбилерменлерге ажыратылады;

бағдарламалар шеңберинде алдынғы алған кредитлерден нәтийжели пайдаланып, исбилерменликти жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин ўақтында төлеген киши исбилерменлерге өз жумысын еле де кеңейтиў ушын усы кредитлерден тәкирарий пайдаланыўға руқсат етиледи.

Сондай-ақ:

ҳәкимликлер дийқан хожалықларына жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм де "бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында өним жетистириў ҳәм жетистирилген өнимлер базарын табыўға көмеклеседи;

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети баҳалардың тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў, жеткерип берилип атырған өнимлер (көрсетилип атырған хызметлер) баҳаларының аймақтағы ишки базар баҳаларына сәйкес болыўын тәмийинлейди;

ҳәким жәрдемшисиниң кредит ажыратыўға усыныс бериўине жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының араласыўына жол қойылмайды.

“маркетплейс” системасы “Е-актив” мәлимлеме системасы менен интеграция етиледи.

Бағдарламалар шеңберинде 50 млн сумға шекем гиреўсиз кредитлер:

Президент қарарына бола зергерлик жумысы жөнелиси бойынша арнаўлы оқыў курсын нәтийжели жуўмақлап, сертификат алған шахсларға зергерлик буйымлары ислеп шығарыў ушын зәрүр болған мебеллер ҳәм әсбап-үскенелер сатып алыўы ушын;

аграр тармақда өз бизнесин шөлкемлестириўге көмеклесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў мақсетинде узақ мүддетке аўыл хожалығына арналған жер майданларын ижараға алған дийқан хожалықлары ҳәм киши исбилерменлерге ажыратылады.

@Karakalpak24
28.1K views13:18
Buka / Bagaimana
2024-04-24 16:13:18
Қарақалпақстанның жоқарыда көрсетилген мектеплеринде басқа аймақлардан келип ислеўши оқытыўшыларға 100% ке шекем үстеме төленеди

Министрлер Кабинетиниң 15.10.2021-жылдағы 646-санлы қарарына тийкар, Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге киргизилген билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерде сабақ бериў ушын басқа аймақлардан келген оқытыўшылардың базалық тариф ставкаларына арнаўлы үстемелер белгиленген.

Үстемелер төмендеги муғдарларда төленеди:

басқа районнан (қаладан) келип ислеп атырған педагогларға базалық тариф ставкасының 50% муғдарында;

басқа ўәлаятлардан келип ислеп атырған педагогларға базалық тариф ставкасының 100% муғдарында.

Бул үстемени алыў ушын педагог басқа аймақта кеминде 1 жыл ислеген ҳәм жоқары яки биринши категорияға ийе болыўы керек.

@Karakalpak24
27.1K views13:13
Buka / Bagaimana
2024-04-24 16:00:06
Nukuslikmisiz?

27 va 28 aprel kunlari Varikozoff jamoasi sizning go'zal shahringiz Nukusga keladi va BEPUL maslahatlar beradi!

Nukusliklar uchun maxsus Aksiya tayyorladik! Operatsiya qilinganda tahlillar sovg‘aga! Operatsiya narxi 1 oyoq uchun 6,5 million so‘m, ikki oyoq uchun 8,5 million so‘m.

Bepul konsultatsiya yoki operatsiyani rejalashtirish uchun quyidagi raqamlarga qo'ng'iroq qiling:


Klinika: MEDICAL CENTRE, Qoraqalpog‘iston Respublikasi, Nukus sh., A. Dosnazarov ko‘chasi, 8A, r/s.

Mo‘ljal: “Progress” maktabi va sobiq “Amudaryo” suzish havzasi

(77) 7050330
(88) 1409888

———
Вы с Нукуса?

27 и 28 апреля команда Varikozoff приедет в ваш прекрасный город Нукус и проведут БЕСПЛАТНЫЕ консультации!

А еще мы для жителей Нукуса подготовили Акцию! Анализы в подарок при операции! Стоимость операции за 1 ногу 6.5 млн сум, за две ноги 8.5 млн сум.

Для записи на бесплатную консультацию или операцию звоните по номерам:


Клиника: MEDICAL CENTRE, Республика Каракалпакстан, г.Нукус ул.А.Досназарова 8А, р/с

Ориентир школа «Прогресс» и старый бассейн «Амударья»

(77) 7050330
(88) 1409888

Реклама
27.3K views13:00
Buka / Bagaimana
2024-04-24 15:42:14
Телеграмда “вирус” тарқалды

Сизге танысыңыздан төмендегише қысқа хабар келеди: httpp://gg.gg/1ad1nw Premiumni 3 oyga mutlaqo BEPUL oling!

Сиз бул силтеме үстине бассаңыз ҳәммеси тамам! Сизиң телеграм аккаунтыңызға бийгана адамлар кирип алып сизиң контактыңыздағы досларыңызға арнаўлы ботлар арқалы сизиң атыңыздан усы хабарды оларға жибереди.

ЕСКЕРТЕМИЗ: Дус келген хабарға исенебермең, гүманлы силтемелерди ашып көрмең, бийпул ақша десе жүгирип кетебермең, телефон номериңизди ҳәр жаққа жазып қалдырмаң, SMS-кодты ҳеш кимге айтпаң, исениўшең болмаң!

Бул хабарды жақынларыңызға тарқатып оларды да ескертип қойың!

@Karakalpak24
32.9K views12:42
Buka / Bagaimana
2024-04-24 15:10:02
Жарамсыз алкоголь өнимлери айланысының алды алынды

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Нөкис қалалық бөлими тәрепинен Ишки ислер министрлиги хызметкерлери менен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында жасырын цех анықланып, жарамсыз алкоголь өнимлери айланысының алды алынды.

Атап айтқанда, Төрткүл районында жасаўшы Р.А. өзиниң үйинде жасырын цех ашып, пуқара Б.А.ға “Қаратаў” арағын сатқан ўақтында усланды. Оның жасырын цехы көзден өткерилгенде 420 дана жасалма усылда таярланған “Қаратаў” арағы, 550 дана капсула ҳәм қақпақ,  722 дана қәлбеки акциз марка ҳәм басқа товар-материаллық байлықлар айғақлы дәлил ретинде алынды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекети алып барылмақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@Karakalpak24
30.3K views12:10
Buka / Bagaimana
2024-04-24 15:02:49
Tashkent City Mall'да қандайдир космик янгилик кутилаётганга ўхшайди

Реклама
28.8K viewsedited  12:02
Buka / Bagaimana