Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақстанның жоқарыда көрсетилген мектеплеринде басқа айм | Каракалпак 24

Қарақалпақстанның жоқарыда көрсетилген мектеплеринде басқа аймақлардан келип ислеўши оқытыўшыларға 100% ке шекем үстеме төленеди

Министрлер Кабинетиниң 15.10.2021-жылдағы 646-санлы қарарына тийкар, Мектепке шекемги билимлендириў ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен тастыйықланатуғын дизимге киргизилген билимлендириў дәрежеси жоқары болмаған мектеплерде сабақ бериў ушын басқа аймақлардан келген оқытыўшылардың базалық тариф ставкаларына арнаўлы үстемелер белгиленген.

Үстемелер төмендеги муғдарларда төленеди:

басқа районнан (қаладан) келип ислеп атырған педагогларға базалық тариф ставкасының 50% муғдарында;

басқа ўәлаятлардан келип ислеп атырған педагогларға базалық тариф ставкасының 100% муғдарында.

Бул үстемени алыў ушын педагог басқа аймақта кеминде 1 жыл ислеген ҳәм жоқары яки биринши категорияға ийе болыўы керек.

@Karakalpak24