Get Mystery Box with random crypto!

Айырым исбилерменлерге 50 млн. сумға шекем кредитлер гиреўсиз | Каракалпак 24

Айырым исбилерменлерге 50 млн. сумға шекем кредитлер гиреўсиз бериледи

"Шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер ажыратыўды жетилистириў ҳәм де халықтың турақлы дәрамат дерегин көбейтиўге тийисли қосымша ис-илажлар ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (161-сан, 19.04.2023 ж.) қабыл етилди

Қарарға көре, шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлер проценти жыллық 14 проценттен аспайды. Бунда:

кредитлер бағдарламалар бойынша дәслеп кредитлерден пайдаланбаған адамлар ҳәм исбилерменлерге ажыратылады;

бағдарламалар шеңберинде алдынғы алған кредитлерден нәтийжели пайдаланып, исбилерменликти жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин ўақтында төлеген киши исбилерменлерге өз жумысын еле де кеңейтиў ушын усы кредитлерден тәкирарий пайдаланыўға руқсат етиледи.

Сондай-ақ:

ҳәкимликлер дийқан хожалықларына жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў ҳәм де "бир мәҳәлле - бир өним" принципи тийкарында өним жетистириў ҳәм жетистирилген өнимлер базарын табыўға көмеклеседи;

Бәсекини раўажландырыў ҳәм тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў комитети баҳалардың тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў, жеткерип берилип атырған өнимлер (көрсетилип атырған хызметлер) баҳаларының аймақтағы ишки базар баҳаларына сәйкес болыўын тәмийинлейди;

ҳәким жәрдемшисиниң кредит ажыратыўға усыныс бериўине жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының араласыўына жол қойылмайды.

“маркетплейс” системасы “Е-актив” мәлимлеме системасы менен интеграция етиледи.

Бағдарламалар шеңберинде 50 млн сумға шекем гиреўсиз кредитлер:

Президент қарарына бола зергерлик жумысы жөнелиси бойынша арнаўлы оқыў курсын нәтийжели жуўмақлап, сертификат алған шахсларға зергерлик буйымлары ислеп шығарыў ушын зәрүр болған мебеллер ҳәм әсбап-үскенелер сатып алыўы ушын;

аграр тармақда өз бизнесин шөлкемлестириўге көмеклесиў, аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўде дийқан хожалықларының үлесин арттырыў мақсетинде узақ мүддетке аўыл хожалығына арналған жер майданларын ижараға алған дийқан хожалықлары ҳәм киши исбилерменлерге ажыратылады.

@Karakalpak24