Get Mystery Box with random crypto!

Телеграмда “вирус” тарқалды Сизге танысыңыздан төмендегише | Каракалпак 24

Телеграмда “вирус” тарқалды

Сизге танысыңыздан төмендегише қысқа хабар келеди: httpp://gg.gg/1ad1nw Premiumni 3 oyga mutlaqo BEPUL oling!

Сиз бул силтеме үстине бассаңыз ҳәммеси тамам! Сизиң телеграм аккаунтыңызға бийгана адамлар кирип алып сизиң контактыңыздағы досларыңызға арнаўлы ботлар арқалы сизиң атыңыздан усы хабарды оларға жибереди.

ЕСКЕРТЕМИЗ: Дус келген хабарға исенебермең, гүманлы силтемелерди ашып көрмең, бийпул ақша десе жүгирип кетебермең, телефон номериңизди ҳәр жаққа жазып қалдырмаң, SMS-кодты ҳеш кимге айтпаң, исениўшең болмаң!

Бул хабарды жақынларыңызға тарқатып оларды да ескертип қойың!

@Karakalpak24