Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 102.14K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 3

2024-05-05 20:38:35 "Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи?

Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи:

социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар;

кем тәмийнленген жеке-қалғанлар ҳәм кекселер;

бағыўшысынан айырылған шаңарақлар;

көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар;

мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар;

медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар;

жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар.


@Karakalpak24
34.6K viewsedited  17:38
Buka / Bagaimana
2024-05-05 20:20:15
Дубайда 72 километрли жасалма тоғай жаратылды

@Karakalpak24
33.3K views17:20
Buka / Bagaimana
2024-05-05 20:12:45


Парахат Жолдасбаев
«Бәҳәрим» атлы шоу концерти
Қарақалпақстан көркем-өнер сарайы
25-26-май
15:00 ҳәм 18:00 де
95 707-86-86

Реклама
32.6K viewsedited  17:12
Buka / Bagaimana
2024-05-05 18:55:41
Үйден шықпастан онлайн түрде некеден өтиў мүмкин екенлигин билесизбе?

Оның ушын сиз my.gov.uz сайтында онлайн арза бериўиңиз керек болады.

Толық мағлыўмат жоқарыдағы видеороликтe

@Karakalpak24
34.1K views15:55
Buka / Bagaimana
2024-05-05 18:28:46
Аўыл хожалығы тараўы ушын берилген жеңиллик тийкарында қысқа ўақыт ишинде республикамызға жаңадан 377 техника ҳәм агрегатлар алып келинди

Қарақалпақстанға улыўма 67 млрд. 873 млн. сум қаржы тийкарында жәми 783 техника алып келиниўи белгиленген болып, реже бойынша артығы менен 962 техника ушын шәртнамалар дүзилди. Соннан, жәми 377 техника ушын аванс төлемлери төлеп берилди. Нәтийжеде бул техникалардан 272 данасы лизинг тийкарында республикамызға кирип келиўи тәмийинленди. Буннан тысқары, лизинг ҳәм банк кредитлери есабынан 105 техника алып келиниўине ерисилди ҳәм бүгинги күнде атыз майданларында хызмет етпекте.

@Karakalpak24
33.6K views15:28
Buka / Bagaimana
2024-05-05 18:13:54
Қарақалпақстан дийқаншылық илим-изертлеӯ институтында пахта ҳәм ғәллениң жаңа сортларын жаратыӯ менен бирге, елимизде азық-аӯқат қәӯипсизлигин тәмийинлеӯ мақсетинде, картошканың ерте писер сортларын жаратыӯ бойынша еркин излениӯши Саламат Хожамуратов тәрепинен бир қатар илимий изленислер алып барылмақта.

Бул ҳаққында ол агентлигимизге мыналарды айтып берди

Қарақалпақстан хабар агентлиги

@Karakalpak24
31.7K views15:13
Buka / Bagaimana
2024-05-05 18:06:10
Енди натяжной потолоклар ЗАВОД бахасында орнатып беремиз !!!

Бизде тек ғана 5 күндик АКЦИЯ !!!

АКЦИЯ туұралы толық мағлыӯмат хәм каталогты алмақшы болсаңыз ямаса буйыртпа суммасын есаплауды қәлесеңиз төмендеги силтемеден өтип атыңыз хәм номериңизди жазып қалдырың !!!

Өнимлеримиз "MSD PREMIUM" категориясындағы ең сапалы материяллардан таярланады хәмде хүжжетли түрде 10 жыллық кепиллик бериледи.

Биз буйыртпаларды тез, сапалы, заманагөй, ең тийкарғысы қолайлы бахада хәм профессионал дәрежеде орнатып беремиз.

Хәзирақ номериңизди жазып қалдырың хәм АКЦИЯ қатнасыұшысына айналың !!!

Байланыс: +998932871500
33.1K views15:06
Buka / Bagaimana
2024-05-05 16:31:44
7-май күни Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласында "свет" өшеди

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тǝрепинен 2024-жылы жоқары кернеўли 110 кВлы “Орайлық” ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген.

Усы жумысларды өткериўге байланыслы 2024-жыл 7-май күни саат 8-00 ден 18-00 аралығында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласы аймақларында электр энергиясы менен тǝмийнлеўде шеклеўлер болатуғынлығын билдиремиз.

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы

@Karakalpak24
39.5K views13:31
Buka / Bagaimana
2024-05-05 16:16:20
3-майдан баслап автотранспортты қайта дизимнен өткериў ушын төлем 68 есеге арзанлады

Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министриниң 02.05.2024-жылдағы 222-санлы буйрығына тийкар, 3-майдан баслап төмердегилерди қайта дизимнен өткериў ушын төлем БЕМның 10% (34000 мың сум) етип белгиленди:

- барлық автотранспорт қуралларын;

- электромобиллер, мототранспорт қураллары ҳәм автотранспорт қуралларының тиркемелерин (прицеп).

Алдын 1-апрелден баслап күшке кирген дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў ушын төлемлер муғдарлары барлық автотранспорт қураллары ушын БЕМның 6.84 есеси (2.3 млн сум), ал электромобиллер, мототранспорт қураллары ҳәм автотранспорт қуралларының тиркемелерин (прицеп) ушын БЕМның 1.5 есеси (510 мың сум) етип белгиленген еди.

Cүўретте бүгинги күнде әмелде болған автотранспорт қуралларын дизимнен ҳәм қайта дизимнен өткериў ушын төлемлер муғдарлары.
#

@Karakalpak24
34.7K views13:16
Buka / Bagaimana
2024-05-05 16:11:42
Сизге сапалы көзәйнек ҳәм анық көз диагнозы керек пе?

"JV OPTIKA"сы соңғы моделдеги аппараты менен зрениеңызды анықлап, 15 минутта сизге қолайлы ҳәм жузиңизге жарасымлы көз айнеклер ислеп береди.

"JV OPTIKA"сы менен дуньяны айнадай тынық көриң!

!!!ДЫККАТ ЖАНАЛЫК!!!
Тек кана 3 кун (6-7-8 май) кунлер биздин оптика да улкен шегирме...

Шегирмеге
- бейпул диагностика
- оправалар га 30% шекем шегирме


Мәнзил: Нукус, Амир Тимур көшеси
Бағдар: 3-магазин, Бабажанов студия жанында

Тел: (77)444-88-88
        (97)359-13-13

Реклама
33.3K views13:11
Buka / Bagaimana