Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 102.14K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 7

2024-05-01 17:07:58
Бүгиннен баслап протез ҳәм басқа реабилитация қураллары ушын жәрдем пул муғдары көбейди

Президенттиң 27.02.2024-жылдағы ПҚ-88-санлы қарарына тийкар 1-майдан баслап:

протез ҳәм реабилитация қуралларын сатып алыў ушын мәмлекет тәрепинен мүтәж адамларға берилетуғын пул муғдары 3 есеге, пулы қаплап берилетуғын реабилитация қуралларының түрлери 10 есеге шекем арттырылады;

майыплығы болған шахсларға протез ҳәм реабилитация қураллары қосымша ҳүжжетлерсиз бериледи;

майыплық топары болмаған пенсия жасындағы шахслардың протез ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақ “Медициналық социаллық экспертиза” электрон мәлимлеме системасы арқалы бериледи.

@Karakalpak24
30.6K views14:07
Buka / Bagaimana
2024-05-01 16:58:37
22 apreldan 26 mayga qadar Avtoelon.uz dan BYD Song Plus DM-i Champion va boshqa qimmatbaho sovrinlarni yutib olishga shoshiling.

Aksiyada ishtirok etish uchun: Avtoelon.uz ilovasini o‘rnating, ilovaga kiring va ishtirok etish uchun anketani to‘ldiring.

Har hafta aksiya natijalarini Avtoelon.uz ilovasida va Avtoelon.uz ning Instagramdagi rasmiy akkauntida jonli ravishda tomosha qilish mumkin.

Yuklab olish: https://clcr.me/OSETx0
Rasmiy Telegram kanali: Avtoelon.uz

Реклама
28.1K viewsedited  13:58
Buka / Bagaimana
2024-05-01 15:58:54
Нөкисте «пикник» шөлкемлестирсеңиз жәрийма төлеўиңиз мүмкин

Билесиз, күнлер жылып, апрель айы келиўинен баслап Нөкис қаласындағы Дослық каналы бойында «пикник» шөлкемлестириў мапазы басланып кетеди.

Бул өз гезегинде ана тәбиятымызға өз зыянын тийдирместен қалмайды. Себеби, биреўлер азықлық өнимлердиң шығындысын таслап кетсе, биреўлер өсип турған жасыл шөпти басқылап, оның қуўрап қалыўына себепши болмақта.

Социаллық тармақларда буған байланыслы видеоконтент пайда болды. Буны сиз де көриўиңиз керек деп ойлаймыз.

Видеоны «пикник» шөлкемлестириўди жобаластырып жүрген танысларыңызға жиберип қойың.

@Karakalpak24
35.1K views12:58
Buka / Bagaimana
2024-05-01 15:35:16
«Нөкис-Мойнақ-Нөкис» жөнелисиндеги авиақатнаўлар ўақты өзгермекте!

Хабарыңыз бар 1-апрельден баслап ҳәптениң Дийшемби, Жума ҳәм Екшемби күнлери Мойнаққа авиақатнаўлар жолға қойылған еди.

Туризм саласында қолайлық жаратыў, жолаўшылардың талап ҳәм усынысларына байланыслы усы жылдың 3-май күнинен баслап пәрўазлар ўақтына өзгерис киритилди.

Дүйшемби:
Нөкис – Мойнақ: 10:00 – 10:35
Мойнақ – Нөкис: 16:00 – 16:35

Жума:
Нөкис – Мойнақ: 10:00 – 10:35
Мойнақ – Нөкис: 16:00 – 16:35

Екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 10:00 – 10:35
Мойнақ – Нөкис: 16:00 – 16:35

Еслетип өтемиз 3-май сәнесине шекем пәрўазлар Нөкистен Мойнаққа жергиликли ўақыт пенен азанғы саат 9:00 де, ал Мойнақтан Нөкиске азанғы саат 10:05 те әмелге асырылады!

@Karakalpak24
29.3K views12:35
Buka / Bagaimana
2024-05-01 15:29:02
2050-жылға барып суўға болған мүтәжлик еки есеге артады.

  Бүгинги күнде суўға болған талап ҳәм мүтәжлик сезилерли дәрежеде артып бармақта.
  Қәнегелердиң берген мағлыўматларына қарағанда 2050-жылға келип суў ресурслары Сырдарьяда 5% ке, Әмиўдарьяда 15% ке шекем азайыўы күтилмекете. Халық санының тез пәт пенен өсиўиниң есабына Өзбекстанда  2030-жылға келип суўға болған талап 7 млрд кубқа жетиүи, 2050-жылға барып болса бул көрсеткиш дерлик еки есеге артыўы мүмкин деп болжанады.

  Сондай ақ дарья ҳәм каналлар суўлары атызларды суўғарыўда орынсыз (ескише усылда) сарыпланыўы, ишимлик суўының хожалық жумысларына мезгилсиз жумсалыўы, суўдың түрли шығындылар менен патасланыўы бул мәселениң артыўына ҳәм суў қорларының азайыўына алып келмекте.

  Сонлықтанда мәмлекетимизде қай салада  искерлик етип жүрген болмайық, ишимлик суўын үнемлеўди, оннан ақылға уғраз түрде пайдаланыўды, дәүир талабы, заман қағыйдасы деп билиўимиз тийис!

"Қарақалпақ суў тәмийнаты" АЖ мәлимлеме хызмети.

@Karakalpak24
30.2K views12:29
Buka / Bagaimana
2024-05-01 15:22:08
Saudiya Arabistoni, Turkiya, Misr va boshqa ko‘plab mamlakatlarga sayohat qilganda qanday qilib mobil aloqa harajatlarini tejashni bilasizmi?

Mobiuz 120 dan ortiq mamlakatlarga sayohat qilganda kompaniyaning eSIM va SIM-kartalaridan foydalanish afzalliklari va roumingdagi turli xizmatlar narxlari bilan oʻrtoqlashmoqda: https://pr.mobi.uz/uz/press/2024/85636/.

Eslatib o‘tamiz, rouming xizmatini Mobiuz mobil ilovasida faollashtirish mumkin.

Telegram | Instagram | Youtube

#mobiuz #rouming

Реклама
26.8K viewsedited  12:22
Buka / Bagaimana
2024-05-01 15:10:29
Ҳәзирги күнде Өзбекстан аймағында:

мийнетке ҳақ төлеўдиң ең кем муғдары – 1 050 000 сўм;

базалық есаплаў муғдары – 340 000 сўм;

пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – 372 000 сўм;

жасқа тийисли ең кем пенсия – 725 000 сўм;

майыплық пенсиялары, атап айтқанда жумыс стажы толық болмаған ўақтындағы майыплық пенсиясының ең кем муғдары – 800 000 сўм;

мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған шахсларға берилетуғын напақа муғдары – 800 000 сўм;

белгиленген жасқа тийисли ең кем пенсия муғдарынан (725 000 сўм)нан 800 000 сўмға шекем пенсия алыўшылардың жасқа тийисли пенсиялары муғдары – 800 000 сўм.

зәрүр жумыс стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – 608 000 сўм;

жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы пенсиялардың ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – 608 000 сўм.

@Karakalpak24
30.4K views12:10
Buka / Bagaimana
2024-05-01 11:04:35
ALUBEST - один из ведущих заводов по производству алюминиевых профилей для светопрозрачных конструкций в Узбекистане, который уже более 10 лет оправдывает высокое качество и надежность.

Компания ALUBEST не останавливается на достигнутом и представляет Вашему вниманию свои новые высокопрочные оконные/дверные профиля ТЕРМО серии AluThermo 70 и Фасадные системы для остекления высоких зданий.

Основные преимущества нашей компании – высокое качество сырья, использование в производстве самого современного оборудования и передовых технологий, обширная дилерская сеть, хорошо организованная логистика и максимально доступные цены.

alubest.uz

Реклама
38.1K views08:04
Buka / Bagaimana
2024-04-30 19:14:06
АЙЛАРДЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚША АТЛАРЫН БИЛЕСИЗ БЕ?

• Дәлиў Январь
• Ҳүт Февраль
• Ҳамал Март
• Сәўир Апрель
• Жаўза Май
• Саратан Июнь
• Ҳәсет Июль
• Сүмбиле Август
• Мийзан Сентябрь
• Ақырап Октябрь
• Қаўыс Ноябрь
• Жедди Декабрь

Каналға қосылыў
47.4K views16:14
Buka / Bagaimana
2024-04-30 18:18:43
Ата-ана қарамағынан ажыралған студентлерге 50 % көбирек стипендия бериледи

Нызамшылыққа бола, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан ажыралған балалар мәмлекетлик бақшаларға ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады.

Сол менен бирге оларға техникум, колледж, академик лицей ямаса ЖООларда оқып атырған ўақтында ҳәр оқыў жылында 1 мәрте китаплар сатып алыўы ушыр БЕМның 5 есеси муғдарында субсидия бериледи.

жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан ажыралған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде олардың стипендиясына 50 процентке асырылған ҳалда төленеди.

@Karakalpak24
43.6K views15:18
Buka / Bagaimana