Get Mystery Box with random crypto!

2050-жылға барып суўға болған мүтәжлик еки есеге артады.   Бү | Каракалпак 24

2050-жылға барып суўға болған мүтәжлик еки есеге артады.

  Бүгинги күнде суўға болған талап ҳәм мүтәжлик сезилерли дәрежеде артып бармақта.
  Қәнегелердиң берген мағлыўматларына қарағанда 2050-жылға келип суў ресурслары Сырдарьяда 5% ке, Әмиўдарьяда 15% ке шекем азайыўы күтилмекете. Халық санының тез пәт пенен өсиўиниң есабына Өзбекстанда  2030-жылға келип суўға болған талап 7 млрд кубқа жетиүи, 2050-жылға барып болса бул көрсеткиш дерлик еки есеге артыўы мүмкин деп болжанады.

  Сондай ақ дарья ҳәм каналлар суўлары атызларды суўғарыўда орынсыз (ескише усылда) сарыпланыўы, ишимлик суўының хожалық жумысларына мезгилсиз жумсалыўы, суўдың түрли шығындылар менен патасланыўы бул мәселениң артыўына ҳәм суў қорларының азайыўына алып келмекте.

  Сонлықтанда мәмлекетимизде қай салада  искерлик етип жүрген болмайық, ишимлик суўын үнемлеўди, оннан ақылға уғраз түрде пайдаланыўды, дәүир талабы, заман қағыйдасы деп билиўимиз тийис!

"Қарақалпақ суў тәмийнаты" АЖ мәлимлеме хызмети.

@Karakalpak24