Get Mystery Box with random crypto!

«Нөкис-Мойнақ-Нөкис» жөнелисиндеги авиақатнаўлар ўақты өзгерме | Каракалпак 24

«Нөкис-Мойнақ-Нөкис» жөнелисиндеги авиақатнаўлар ўақты өзгермекте!

Хабарыңыз бар 1-апрельден баслап ҳәптениң Дийшемби, Жума ҳәм Екшемби күнлери Мойнаққа авиақатнаўлар жолға қойылған еди.

Туризм саласында қолайлық жаратыў, жолаўшылардың талап ҳәм усынысларына байланыслы усы жылдың 3-май күнинен баслап пәрўазлар ўақтына өзгерис киритилди.

Дүйшемби:
Нөкис – Мойнақ: 10:00 – 10:35
Мойнақ – Нөкис: 16:00 – 16:35

Жума:
Нөкис – Мойнақ: 10:00 – 10:35
Мойнақ – Нөкис: 16:00 – 16:35

Екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 10:00 – 10:35
Мойнақ – Нөкис: 16:00 – 16:35

Еслетип өтемиз 3-май сәнесине шекем пәрўазлар Нөкистен Мойнаққа жергиликли ўақыт пенен азанғы саат 9:00 де, ал Мойнақтан Нөкиске азанғы саат 10:05 те әмелге асырылады!

@Karakalpak24