Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 102.14K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 10

2024-04-27 11:37:40
2024-жыл жылдағыдан да ыссы болады

Ыссы ҳаўа-райы Тыныш океанындағы суў температурасының өзгериўи Эл Нино ақибети болып, бул пүткил дүнья ықлымына, әсиресе Орайлық Азияға тәсир етеди.

Болжаўларға бола, быйыл Өзбекстанда ҳәр қашанғыдан да ыссы болыўы күтилмекте.

@Karakalpak24
16.4K views08:37
Buka / Bagaimana
2024-04-27 11:21:02
Төрткүлде банкти алдап, жеңилликли кредит пулын өзлестиргенлер анықланды

Мәлим болыўынша, “К.n.” ЖШЖ шахслары арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларын сатып алыў ушын коммерция банки Төрткүл филиалына мүрәжат етеди. Ажыратылған жеңилликли кредит пулына 2 дана “Вовсат” маркалы экскаватор сатып алынғандай қылып, жалған ҳүжжетлерди рәсмийлестиргени ҳәм пуқара С.А.ның пластик картасына 1,5 млрд сом кредит пулын өткерип алып, нақлағаны анықланған.

Ҳәзирде жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң арнаўлы статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

@Karakalpak24
17.6K views08:21
Buka / Bagaimana
2024-04-27 11:16:06
Балаңыздың иши тез-тез аўырып атырма?

GULNAZ MED DIAGNOSTIC клиникасының тажрийбели паразитолог ҳәм гастроэнтеролог шыпакерлери организмди қуртлардан ҳәм шлаклардан тазалаў бойынша медициналық хызметлерин усыныс етеди.

Қурт кеселлигиниң БЕЛГИЛЕРИ:
Теридеги ақ дағлар; Колит ҳәм диярея; Аллергиялық кеселликлер; Киндик әтирапы аўырыўы; Тырнақ шайнаў ҳәм шаш түсиўи; Ҳәдден тыс азып яки семирип кетиў; Түнде тисин ғышырлатыў; Көзлерди пирпиретиў; Анал тесиги әтирапи қышыўы ҳ.т.б.

Баҳасы 3 кунге: 7-жасға шекем-255 000 сўм. 7-жастан үлкенлерге -285 000 сўм.
Жумыс ўақты: 09:00-12:00, 16:00-18:00.

Мәнзил: Нөкис қаласы, Е.Алакөз көшеси, 81-уй. Бағдар: Мега Нукус саўда орайы.
Телефон: +998973543377 яки +998956013377
@gulnazmeddiagnostic

Реклама
17.0K views08:16
Buka / Bagaimana
2024-04-27 09:30:02
Қарақалпақ шайырларының шығармалары инглиз тилинде жәрияланды

Биринши мәрте уллы шайырлар Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповтың шығармалар топламынан ибарат улыўма 242 бетли китап инглиз тилинде баспадан шығып, дүнья аудиториясына усынылды.

Бүгинги күнде китап Аmazon.com глобал интернет дүканына сатыўға қойылған. "Қарақалпақтың үш шайыры" деп аталған бул китапқа Аmazon.com интернет дүканында халық аўызеки ҳәм классикалық поезиясына тийкарланған Орайлык Азияның ең уллы әдебиятларының бири деп тәрийп берилген.

Топламнан Бердақтың "Шежире", Әжинияздың "Бозатаў" ҳәм Ибрайым Юсуповтың "Арал элегиясы" шығармалары орын алған.

Китап британиялы шайыр Эндрю Станиланд тәрепинен, Гулбахар Изентаева, Шахноза Кеңесбай қызы, Айнура Назырбаева, Нилуфар Абдуллаева, Наргиза Уразымбетова ҳәм Гулназ Жадигеровалар жәрдеминде инглиз тилине аўдарылған.

@Karakalpak24
23.2K views06:30
Buka / Bagaimana
2024-04-27 09:20:18
Нөкис қаласында Мас-Рестлинг бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери өткериледи

Усы жылдың 15-20-май күнлери Нөкис қаласында спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, Мас-Рестлинг спорт түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәретебе өткерилмекте.

Болып өтетуғын мәнзил: Т.Қайыпбергенов көшеси 52-жай. Бағдар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи.

@Karakalpak24
22.5K views06:20
Buka / Bagaimana
2024-04-27 09:02:20
«GRAND MED SERVICE» клиникасында қарын алды дийуалы грыжаларын лапароскоп усылында хещ кандай кеспелерсиз 1 кун ищинде тауир кылыу жолга койылды!

Пупочная грыжа
Паховая грыжа
Вентральная грыжа
После операционная грыжа

Егерде сизди қарын алды дийуалы грыжаларынан қыйналып журген болсаңыз клиникамызга келип көринип кетсеңиз болады.

Доктор: Асанов Бахадыр
Мағлыумат ушын: 99 572 77 72
Чат: @dr_bakhadir_asanov
______
Жумыс уақты:
Дуйшемб
и - Шемби (1-6)
Саат: 09:00 - 17:00 ге шекем


Мәнзил: «GRAND MED SERVICE»
Нөкис қаласы, Таң Нуры 175, РесГаз

TELEGRAM INSTAGRAM

Реклама
23.8K views06:02
Buka / Bagaimana
2024-04-26 20:55:39 "Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи?

Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи:

социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар;

кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер;

бағыўшысынан айырылған шаңарақлар;

көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар;

мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар;

медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар;

жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар.


@Karakalpak24
38.6K views17:55
Buka / Bagaimana
2024-04-26 20:01:39
Ертең Ипотека банкоматлары ўақытша ислемейди

АКИБ «Ипотека банк» Қарақалпақстан Республикасы филиалына тийисли банкоматлар 27-28-апрель күнлери филиалға тийисли Uzcad ҳәм Humo банкоматлары ўақытша ислемейди.

@Karakalpak24
38.5K views17:01
Buka / Bagaimana
2024-04-26 19:37:31
Нормадан артық "тонировка" ушын жәрийма жоқ

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 126-статьясында "техник регламентке муўапық болмаған көзгисыман ҳәм (ямаса) түси өзгертилген (қарайтылған) айналы транспорт қуралларынан, сондай-ақ айдаўшының жан-әтирапты көриўин шеклейтуғын қосымша нәрселер орнатылған ямаса сүртилген транспорт қуралларынан пайдаланыў, буннан айналар түсин өзгертиў (қарайтыў) ушын тийисли рухсатнама берилген транспорт қуралларынан тысқары", етип белгиленген.

Бул статьяда адвокат Абдумаликовтың айтыўынша, нормадан артық қарайған айналар ҳаққында гәп-сөз бармайды.

Демек, егер "тонировка"ға рухсатнама бар болып бирақ белгиленген нормадан артып кеткен болса буның ушын ҲЖҳК 126-статьясы бойынша жәрийма қоллаў мүмкин емес.

Бундай жағдайларда инспектор айдаўшыдан айна плёнкаларын сол жердиң өзинде шешип алып таслаўын талап етиўи мүмкин.

@Karakalpak24
38.8K views16:37
Buka / Bagaimana
2024-04-26 19:05:53
#Тайынлаў

Уббиева Гуласен Амангелдиевна
- Нөкис районы ҳәкиминиң орынбасары - шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Г. Уббиева усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Шаӊарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәҳәллелердеги ҳаял-қызлар белсендилери жумысларын муўапықластырыў ҳәм басланғыш шөлкемлер менен ислесиў бойынша бас қәнигеси лаўазымында жумыс алып барған.

@Karakalpak24
35.9K views16:05
Buka / Bagaimana