Get Mystery Box with random crypto!

Төрткүлде банкти алдап, жеңилликли кредит пулын өзлестиргенлер | Каракалпак 24

Төрткүлде банкти алдап, жеңилликли кредит пулын өзлестиргенлер анықланды

Мәлим болыўынша, “К.n.” ЖШЖ шахслары арнаўлы техника ҳәм қурылыс материалларын сатып алыў ушын коммерция банки Төрткүл филиалына мүрәжат етеди. Ажыратылған жеңилликли кредит пулына 2 дана “Вовсат” маркалы экскаватор сатып алынғандай қылып, жалған ҳүжжетлерди рәсмийлестиргени ҳәм пуқара С.А.ның пластик картасына 1,5 млрд сом кредит пулын өткерип алып, нақлағаны анықланған.

Ҳәзирде жағдай бойынша ӨзР Жынаят кодексиниң арнаўлы статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

@Karakalpak24