Get Mystery Box with random crypto!

Нормадан артық 'тонировка' ушын жәрийма жоқ Ҳәкимшилик жуўапк | Каракалпак 24

Нормадан артық "тонировка" ушын жәрийма жоқ

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 126-статьясында "техник регламентке муўапық болмаған көзгисыман ҳәм (ямаса) түси өзгертилген (қарайтылған) айналы транспорт қуралларынан, сондай-ақ айдаўшының жан-әтирапты көриўин шеклейтуғын қосымша нәрселер орнатылған ямаса сүртилген транспорт қуралларынан пайдаланыў, буннан айналар түсин өзгертиў (қарайтыў) ушын тийисли рухсатнама берилген транспорт қуралларынан тысқары", етип белгиленген.

Бул статьяда адвокат Абдумаликовтың айтыўынша, нормадан артық қарайған айналар ҳаққында гәп-сөз бармайды.

Демек, егер "тонировка"ға рухсатнама бар болып бирақ белгиленген нормадан артып кеткен болса буның ушын ҲЖҳК 126-статьясы бойынша жәрийма қоллаў мүмкин емес.

Бундай жағдайларда инспектор айдаўшыдан айна плёнкаларын сол жердиң өзинде шешип алып таслаўын талап етиўи мүмкин.

@Karakalpak24