Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 102.14K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 2

2024-05-07 15:00:02 Жеңиллик: шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды

Ҳүкимет қарарына муўапық, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.

Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы ямаса ўақытша дизимде турған орындағы районлық (қалалық) жумысшы топарларға мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
мийнет дәптершесинен (электрон мийнет дәптершеси) көширме;
орта-арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.

(#)

@Karakalpak24
39.3K views12:00
Buka / Bagaimana
2024-05-07 14:56:04
Visa Kapitalbank bilan bir kilo pul yutib oling!

Kapitalbank Visa kartasi bilan 200 ming so‘m yoki 20 AQSh dollari miqdorida kamida bitta xarid qiling va bir kilo pulli qop yutib olish imkoniyatini qo‘lga kiriting!

Qopda nech pul bo'lishi mumkin?
2 million so‘mdan 94 million so‘mgacha. Qaysi biri aynan sizniki bo'lishi mumkin — Zo‘r telekanalidagi “Boriga baraka” ko‘rsatuvi efirida bilib olamiz.

Omadingizni sinab ko'rishga tayyormisiz? Shoshiling! Yutuqli o’yin 2024-yilning 30-iyuniga qadar davom etadi.

Promo-aksiya tafsilotlari kilovisa.kapitalbank.uz sayti yoki 1340 raqami orqali.

Реклама
36.7K viewsedited  11:56
Buka / Bagaimana
2024-05-07 12:05:15
1-июннан баслап бағшалардың жоқары мағлыўматлы педагогларының айлығы көбейеди

Президенттиң 26.05.2023 -жылдағы ПП–79-санлы Пәрманына муўапық, 2024-жыл 1-июннан баслап мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң жоқары мағлыўматлы педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкалары муғдарлары улыўма орта билимлендириў мәкемелериниң (мектеплердиң) педагог хызметкерлериниң базалық тариф ставкасының әмелдеги муғдарларына теңлестириледи.

Яғный, 1-июннан баслап бақшалардағы жоқары мағлыўматлы тәрбияшылардың айлығы мектеп оқытыўшыларының айлығына теңлестириледи.

@Karakalpak24
41.9K views09:05
Buka / Bagaimana
2024-05-07 11:55:02
5 жыл стажы бар ҳаял-қызларға усыныснама алыў ушын арзалар қабыллаўы басланды

Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООна бөлек қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар ӨзР Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.

Талабанлар усы жылдың 1-июнына шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў ямаса ўақтынша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:

пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
орта -арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.

Талабанлар тәрепинен усыныс етилген арза ҳәм ҳүжжетлер 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў ямаса бериўди бийкарлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етиледи.

Усыныснама балл қосып бермейди.

@Karakalpak24
38.8K views08:55
Buka / Bagaimana
2024-05-07 11:50:17
Bir yoshga toʻlgandan keyin bolakayingiz ancha faol va kirishimli boʻlib qoladi. Siz ona sifatida uni ehtiyojlariga javob beradigan ozuqa bilan taʼminlashingiz kerak. Bolakayning muvozanatlangan taomlanishini qoʻllab-quvvatlash uchun Nutricia 12 oydan kattalar uchun Malyutka "GOLD 3&4 Ozuqa Muvozanati bilan" nomli bolakaylar sutini ishlab chiqdi.


Malyutka GOLD 3&4 tarkibida quyidagilar mavjud:
Ovqat hazm qilish tizimi faoliyatini qoʻllab-quvvatlash uchun prebiotiklar.
Boy miyasi rivojlanishiga hissa qoʻshuvchi Omega-3 va temir moddasi.
Oʻsish va suyaklar salomatligi uchun zarur boʻlgan D vitamini va kalsiy.

Muhim: koʻkrak suti — chaqaloqlar uchun eng maqbul ozuqa. Ushbu mahsulotni qoʻllashdan oldin shifokor bilan maslahatlashing.

Реклама
38.5K viewsedited  08:50
Buka / Bagaimana
2024-05-07 11:05:56
Енди мәмлекетлик гранты орынлары ең жоқары балл топлаған абитуриентлер таңлаўы тийкарында белгиленеди

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев жанында жоқары билимлендириў системасы бойынша болған презентацияда айтып өтилди.

@Karakalpak24
37.1K views08:05
Buka / Bagaimana
2024-05-07 10:56:42
Москвадағы парадқа тоғыз президент шақырылды

Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының барлығы парадта қатнасыўы мәлим етилди.

Бул жылғы парадқа Армения бас министри Никол Пашинян шақырылмаған.

@Karakalpak24
34.8K views07:56
Buka / Bagaimana
2024-05-07 10:46:00
Бизин орайдан сиз турдеги кредитлерди рәсмийлестирсеңиз болады

Ипотека кредити
10-15 жыл мýддетке
басланғыш 26%
жыллық 27.9% 

У‌й-жай оңлау жумыслары ушын (ремонт)
6 жыл мýддетке
жыллык 29.9%

Микроқарз
3 жыл мýддетке
жылық 29.9%

Мәнзил: Нөкис қаласы, Ғәрезсизлик көшеси 53-жай бағдар Асака банк

Байланыс ушын
912605653
948664009
992102969
907142814

Реклама
35.6K viewsedited  07:46
Buka / Bagaimana
2024-05-07 09:18:19
Ендигиден былай Нөкистен Алмата'ға да ушыў мүмкин

“Uzbekistan Airways” авиакомпаниясы усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап Нөкис-Алмата-Нөкис жөнелиси бойынша авиақатнаўларды жолға қойады.

Рейслер ҳәптениң сәршемби ҳәм шемби күнлери төмендеги график бойынша әмелге асырылады:

Нөкистен ушып кетиў саат 10:05;

Алматаға жетип келиў саат 12:15;

Алматадан ушып кетиў саат 13:15;

Нөкиске жетип келиў саат 15:45;

Бир тәрепке авиабилет бахасы —1 064 000 сўмнан, Нөкис–Алмата–Нөкис жөнелиси бойынша болса 1 849 000 сўмнан басланады.

@Karakalpak24
40.3K views06:18
Buka / Bagaimana
2024-05-05 21:51:17
Енди судтың атқарыў ҳүжжетлери электрон бериледи

Нызамшылыққа муўапық, усы жылдың 1-май сәнесинен:

суд ҳүжжетлери тийкарында атқарыў ҳүжжетлерин электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизиледи;

пуқаралардан қарыздарлықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дарамат белгиленеди;

атқарыў исин жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби почта қәрежетлери бойынша қарыздарлықты өндириўге қолланылады.

@Karakalpak24
30.9K views18:51
Buka / Bagaimana