Get Mystery Box with random crypto!

5 жыл стажы бар ҳаял-қызларға усыныснама алыў ушын арзалар қаб | Каракалпак 24

5 жыл стажы бар ҳаял-қызларға усыныснама алыў ушын арзалар қабыллаўы басланды

Қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик ЖООна бөлек қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар ӨзР Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.

Талабанлар усы жылдың 1-июнына шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў ямаса ўақтынша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:

пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
орта -арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.

Талабанлар тәрепинен усыныс етилген арза ҳәм ҳүжжетлер 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў ямаса бериўди бийкарлаў ҳаққында жуўмақ қабыл етиледи.

Усыныснама балл қосып бермейди.

@Karakalpak24