Get Mystery Box with random crypto!

Жеңиллик: шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў | Каракалпак 24

Жеңиллик: шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды

Ҳүкимет қарарына муўапық, қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли контракт тийкарында оқыўға қабыл етилиўи белгиленген.

Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-қызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.

Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы ямаса ўақытша дизимде турған орындағы районлық (қалалық) жумысшы топарларға мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:

пуқаралық паспорты ямаса ID карта нусқасы;
мийнет дәптершесинен (электрон мийнет дәптершеси) көширме;
орта-арнаўлы ямаса профессионал билимлендириў бойынша диплом.

(#)

@Karakalpak24