Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 102.14K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 9

2024-04-29 11:05:12
Өзбасымшалық пенен қурылыс қурып болмайды, жәриймаға тартыласыз

Бугинги кунде Кадастр агентлиги тәрепинен өзбасымшалық пенен жер ийелеў, жерге болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериў, жер нызамбузыўшылық жағдайларының алдын алыў бойынша көплеген жумыслар алып барылмақта.

Усындай жер қадағалаў жумыслары даўамында Нөкис қаласында жайласқан “К.П.Н” ЖШЖ нызамлы ҳуқықлары болмай турып улуўма майданы 42 кв.м болған жерге қурылыс жумыслары алып барғаны анықланды.

@Karakalpak24
34.3K views08:05
Buka / Bagaimana
2024-04-29 10:54:01
KUSHMAG компанясынан туўры есик таңлаў бойынша мәсләҳәтлер.

Есик бул үйдиң ажыралмас бөлеги болып, сапалы, сулыў ҳәм заманагөй болыўы әхмийетли.

Үйиңизге қонақлар келгенде "түкир есиклерге көз тиймесин" дейтуғын есиклер керек болса, төмендеги номерге ҳабарласың

Байланыс ушын
@kushmag_onbot

Мәнзил: Нөкис қаласы Хожели гүзары 87 жай

Тел:
+998975063003
34.1K views07:54
Buka / Bagaimana
2024-04-29 09:42:39
1-майдан жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға материаллық жәрдем бериледи

2024-жыл 1-майдан реестрге киритилген жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр айлық турақ жай коммунал хызметлер ҳақын төлеў бойынша компенсация ҳәм азық-аўқат өнимлерине, жеке гигиена товарлары ушын ҳәр айда қосымша пул төлемлери орнына ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем енгизиледи.

Жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың жоғалған биометрик паспортлары олар реестрге киритилгенге шекем "Инсан" социаллық хызметлер орайы буйыртпасы тийкарында мәмлекетлик бажы өндирилмеген ҳалда алмастырып бериледи.

@Karakalpak24
37.9K views06:42
Buka / Bagaimana
2024-04-28 18:37:57 Ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усынысына енди ҳәкимлер араласа алмайды

Ҳүкимет қарарына муўапық:

шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде халық ҳәм исбилерменлердиң жойбарларын қаржыландырыў ушын 13 трлн сом ажыратылады;

шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады;

Ҳәким жәрдемшилери басламасы менен айырым исбилерменлерге 50 млн сомға шекем кредитлер гиреўсиз бериледи;

кредитлeр биринши нәўбетте бағдарламаға муўапық алдын кредитлерден пайдаланбаған халық ҳәм исбилерменлерге ажыратылады;

бағдарламалар шеңберинде алдын кредит алып, оннан нәтийжели пайдаланып, исбилерменлигин жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин ўақытында төлеген киши исбилерменлерге искерлигин және де кеңейтиўде бул кредитлерден тәкирар пайдаланыўға рухсат бериледи;

ҳәкимлар дийқанларға жерден өнимли пайдаланыўға ҳәм “бир мәҳәлле - бир өним” принципи тийкарында өнимлер жетистириўге ҳәм олардың өз базарын табыўына көмеклеседи;

“marketplеys” системасы “Ye-aktiv” информация системасы менен интеграция етиледи;

бул өнимлердиң баҳалары көрсетилип атырған хызметлер ҳәм басқа факторлар есабына ишки базар баҳаларына қарағанда тийкарсыз асып кетпеўин Бәсекини раўажландырыў ҳәм қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў комитети өз қадағалаўына алады;

ең тийкарғысы, ендиликте ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усыныс бериўине жергиликли атқарыўшы ҳүкимет шөлкемлери басшыларының (ҳәкимлердиң) араласыўына жол қойылмайды.

@Karakalpak24
47.4K viewsedited  15:37
Buka / Bagaimana
2024-04-28 15:32:02
Нөкисте мектеп оқыўшыларының фото ҳәм видеоларын тарқатпаў есесине 300 доллар алған шахс усланды

Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын тарқатпаў ушын пул талап еткен шахс усланды. Бул ҳаққында ИИМ Киберқәўипсизлик департаменти хабар берди.

Айтылыўына қарағанда, Нөкис қаласында жасаўшы К.Р. ҳәм П.Л. атлы еки ҳаял ИИОға мүрәжат етип, “aiaulim.04.04” атлы профил ийеси ер жетпеген мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын жарыялаў менен қорқытып, олардан пул талап етип атырғанын хабар берген.

Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив-излеў илажлары нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласында жасаўшы 27 жаслы Ж.А. ислегени анықланған.

Гүманланыўшы ретинде тергеў ҳәрекетлерине қосылған Ж.А. ер жетпеген жәбирлениўшилер С.А. ҳәм Й. Й. атлы қызларға өзин қыз бала ретинде таныстырып, олардың исенимине кириў арқалы бир неше сыр сақланыўы керек болған жеке фотосүўрет ҳәм видеоларын қолға киргизген. Соннан кейин оларды тарқатыў менен қорқытып, тарқатпаў есесине 300 доллар муғдарында пул талап еткен ҳәм усы пулларды алып атырған ўақтында Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери тәрепинен айғақлы дәлил менен усланып, тийисли тәртипте ҳүжжетлер рәсмийлестирилген.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 165-статьясы 2-бөлими “а” бәнти менен жынаят иси қозғатылып, М.А. тәрепинен исленген, бирақ еле анықланбаған сол түрдеги жынаятларға байланыслы екенлигин тексериў мақсетинде оператив-излеў жумыслары алып барылмақта.

@Karakalpak24
47.1K views12:32
Buka / Bagaimana
2024-04-28 15:26:41
Bunaqasi hali bo’lmagan, texnomart eng mashhur texnikalarga narxni sindirmoqda!

Naqd yoki ustamasi 6 oyga bo’lib to’lashga. Bunday imkoniyatni qo’ldan boy bermang.

*Mahsulotlar soni cheklangan

Batafsil telegram kanalda: @texnomart

Реклама
43.9K viewsedited  12:26
Buka / Bagaimana
2024-04-28 12:33:30
27-апрель күни Қашқадәрья ҳәм Жиззах ўәлаятларында майдалап қар жаўды.

@Karakalpak24
46.2K views09:33
Buka / Bagaimana
2024-04-28 11:17:51
Ҳәким жәрдемшиси тәрепинен усыныс берилетуғын кредит, субсидия, грант ҳәм материаллық жәрдем түрлериниң дизими:

Президент қарары менен ҳәким жәрдемшисине 21мәселе бойынша усыныс бериў кепиллиги берилген.

@Karakalpak24
50.1K views08:17
Buka / Bagaimana
2024-04-28 10:43:08
Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдемлер бериледи?

Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы Пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан:

бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен кем тәмийинленген шаңарақларға БЕМның 2 есеси (660 мың сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мын сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли санаторий ҳәм профилактикалық емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жоллама бериў;

кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына лагерлерге бийпул жолламалар бериў.

Бул материаллық жәрдемлер ҳәм емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жолламаларды алыў ушын усыныслар – ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, ал лагерлерге жоллама алыў ушын усыныслар – жаслар жетекшиси тәрепинен бериледи.

Бул материаллық жәрдемлерди ҳәм жолламаларды алыўға арза бериў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралар «Labor migration» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен болыўы;

арзаларды Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламалық комплекси арқалы электрон түрде бериў керек.

Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги арзаларды 5 күн ишинде қарап шығып, жәрдем алыўшы пуқаралардың дизимин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына береди. (Дерек)

@Karakalpak24
45.1K views07:43
Buka / Bagaimana
2024-04-28 10:31:12
Қытайда күшли торнадо изинен муз жаўды.

@Karakalpak24
41.2K views07:31
Buka / Bagaimana