Get Mystery Box with random crypto!

Нөкисте мектеп оқыўшыларының фото ҳәм видеоларын тарқатпаў есе | Каракалпак 24

Нөкисте мектеп оқыўшыларының фото ҳәм видеоларын тарқатпаў есесине 300 доллар алған шахс усланды

Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласында мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын тарқатпаў ушын пул талап еткен шахс усланды. Бул ҳаққында ИИМ Киберқәўипсизлик департаменти хабар берди.

Айтылыўына қарағанда, Нөкис қаласында жасаўшы К.Р. ҳәм П.Л. атлы еки ҳаял ИИОға мүрәжат етип, “aiaulim.04.04” атлы профил ийеси ер жетпеген мектеп оқыўшыларының сыр сақланыўы керек болған мағлыўматларын жарыялаў менен қорқытып, олардан пул талап етип атырғанын хабар берген.

Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери хызметкерлери тәрепинен өткерилген оператив-излеў илажлары нәтийжесинде бул жынаятты Нөкис қаласында жасаўшы 27 жаслы Ж.А. ислегени анықланған.

Гүманланыўшы ретинде тергеў ҳәрекетлерине қосылған Ж.А. ер жетпеген жәбирлениўшилер С.А. ҳәм Й. Й. атлы қызларға өзин қыз бала ретинде таныстырып, олардың исенимине кириў арқалы бир неше сыр сақланыўы керек болған жеке фотосүўрет ҳәм видеоларын қолға киргизген. Соннан кейин оларды тарқатыў менен қорқытып, тарқатпаў есесине 300 доллар муғдарында пул талап еткен ҳәм усы пулларды алып атырған ўақтында Оператив-излеў хызмети Киберқәўипсизлик бөлимлери тәрепинен айғақлы дәлил менен усланып, тийисли тәртипте ҳүжжетлер рәсмийлестирилген.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң 165-статьясы 2-бөлими “а” бәнти менен жынаят иси қозғатылып, М.А. тәрепинен исленген, бирақ еле анықланбаған сол түрдеги жынаятларға байланыслы екенлигин тексериў мақсетинде оператив-излеў жумыслары алып барылмақта.

@Karakalpak24