Get Mystery Box with random crypto!

Ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усынысына енди ҳ | Каракалпак 24

Ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усынысына енди ҳәкимлер араласа алмайды

Ҳүкимет қарарына муўапық:

шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде халық ҳәм исбилерменлердиң жойбарларын қаржыландырыў ушын 13 трлн сом ажыратылады;

шаңарақлық бағдарламалар бойынша кредитлерди жыллық 14 процент ставкада ажыратыў тәртиби сақлап қалынады;

Ҳәким жәрдемшилери басламасы менен айырым исбилерменлерге 50 млн сомға шекем кредитлер гиреўсиз бериледи;

кредитлeр биринши нәўбетте бағдарламаға муўапық алдын кредитлерден пайдаланбаған халық ҳәм исбилерменлерге ажыратылады;

бағдарламалар шеңберинде алдын кредит алып, оннан нәтийжели пайдаланып, исбилерменлигин жолға қойған ҳәм кредит төлемлерин ўақытында төлеген киши исбилерменлерге искерлигин және де кеңейтиўде бул кредитлерден тәкирар пайдаланыўға рухсат бериледи;

ҳәкимлар дийқанларға жерден өнимли пайдаланыўға ҳәм “бир мәҳәлле - бир өним” принципи тийкарында өнимлер жетистириўге ҳәм олардың өз базарын табыўына көмеклеседи;

“marketplеys” системасы “Ye-aktiv” информация системасы менен интеграция етиледи;

бул өнимлердиң баҳалары көрсетилип атырған хызметлер ҳәм басқа факторлар есабына ишки базар баҳаларына қарағанда тийкарсыз асып кетпеўин Бәсекини раўажландырыў ҳәм қарыйдарлар ҳуқықларын қорғаў комитети өз қадағалаўына алады;

ең тийкарғысы, ендиликте ҳәким жәрдемшилериниң кредит ажыратыў бойынша усыныс бериўине жергиликли атқарыўшы ҳүкимет шөлкемлери басшыларының (ҳәкимлердиң) араласыўына жол қойылмайды.

@Karakalpak24