Get Mystery Box with random crypto!

Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай ж | Каракалпак 24

Сырт елде жумыс ислеп жүргенлердиң шаңарақ ағзаларына қандай жәрдемлер бериледи?

Президенттиң 2022-жыл 1-марттағы Пәрманына муўапық, ҳәр жылы Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясы қаржылары есабынан:

бағыўшысы сырт елге жумыс ислеўге кеткен кем тәмийинленген шаңарақларға БЕМның 2 есеси (660 мың сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериледи;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген, майыплығы болған шаңарақ ағзаларына дәрилер, майыплық арбалары, еситиў аппаратларын ҳәм ортопедиялық өнимлерди сатып алыў ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мын сум) муғдарында бир мәртелик материаллық жәрдем бериў;

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың Өзбекстанда олар менен бирге жасаўшы пенсия жасына жеткен ямаса I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақ ағзаларына Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына тийисли санаторий ҳәм профилактикалық емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жоллама бериў;

кем тәмийинленген шаңарақ ағзасы болған ямаса «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери» ҳәм «Жаслар дәптери»нен биреўине киргизилген сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралардың балаларына лагерлерге бийпул жолламалар бериў.

Бул материаллық жәрдемлер ҳәм емлениў орынларына бир мәртелик бийпул жолламаларды алыў ушын усыныслар – ҳәким жәрдемшиси тәрепинен, ал лагерлерге жоллама алыў ушын усыныслар – жаслар жетекшиси тәрепинен бериледи.

Бул материаллық жәрдемлерди ҳәм жолламаларды алыўға арза бериў ушын төмендеги шәртлер белгиленген:

сырт елге жумыс ислеўге кеткен пуқаралар «Labor migration» бағдарламалық комплексинде дизимнен өткен болыўы;

арзаларды Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлигине «Labor migration» бағдарламалық комплекси арқалы электрон түрде бериў керек.

Кәмбағаллықты қысқартырыў ҳәм бәнтлик министрлиги арзаларды 5 күн ишинде қарап шығып, жәрдем алыўшы пуқаралардың дизимин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясына береди. (Дерек)

@Karakalpak24