"Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи? Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи: социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар; кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер; бағыўшысынан айырылған шаңарақлар; көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар; мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар; медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар; жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар. @Karakalpak24 38.6K views17:55