Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 101.10K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 13

2024-05-01 11:04:35
ALUBEST - один из ведущих заводов по производству алюминиевых профилей для светопрозрачных конструкций в Узбекистане, который уже более 10 лет оправдывает высокое качество и надежность.

Компания ALUBEST не останавливается на достигнутом и представляет Вашему вниманию свои новые высокопрочные оконные/дверные профиля ТЕРМО серии AluThermo 70 и Фасадные системы для остекления высоких зданий.

Основные преимущества нашей компании – высокое качество сырья, использование в производстве самого современного оборудования и передовых технологий, обширная дилерская сеть, хорошо организованная логистика и максимально доступные цены.

alubest.uz

Реклама
38.1K views08:04
Buka / Bagaimana
2024-04-30 19:14:06
АЙЛАРДЫҢ ҚАРАҚАЛПАҚША АТЛАРЫН БИЛЕСИЗ БЕ?

• Дәлиў Январь
• Ҳүт Февраль
• Ҳамал Март
• Сәўир Апрель
• Жаўза Май
• Саратан Июнь
• Ҳәсет Июль
• Сүмбиле Август
• Мийзан Сентябрь
• Ақырап Октябрь
• Қаўыс Ноябрь
• Жедди Декабрь

Каналға қосылыў
47.4K views16:14
Buka / Bagaimana
2024-04-30 18:18:43
Ата-ана қарамағынан ажыралған студентлерге 50 % көбирек стипендия бериледи

Нызамшылыққа бола, жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан ажыралған балалар мәмлекетлик бақшаларға ҳәм мектеплерге нәўбетке қойылмастан жайластырылады.

Сол менен бирге оларға техникум, колледж, академик лицей ямаса ЖООларда оқып атырған ўақтында ҳәр оқыў жылында 1 мәрте китаплар сатып алыўы ушыр БЕМның 5 есеси муғдарында субсидия бериледи.

жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан ажыралған балалар оқыўды мәмлекетлик ЖООларда даўам еттиргенде олардың стипендиясына 50 процентке асырылған ҳалда төленеди.

@Karakalpak24
43.6K views15:18
Buka / Bagaimana
2024-04-30 18:13:21
Нөкистеги автобусларда жол ҳақысын пластик карта арқалы төлеў имканы жаратылды

Қарарға көре, жәмийетлик транспортта жолаўшыларды тасыўда заманагой хабар-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы халыққа транспорт хызметлерин көрсетиў сапасын жақсылаў, жол ҳақысын жыйнаўда ашықлықты тәмийинлеў, улыўма пайдаланатуғын транспортта жолаўшы тасыў системасын жәнеде жетилистириў, автоматластырылған төлеў системасын басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортта жол ҳақысын электрон система арқалы әмелге асырыў жолға қойылды.

Ҳәзирги ўақытта Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 дана автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

@Karakalpak24
39.3K views15:13
Buka / Bagaimana
2024-04-30 17:56:26
Россия ҳәм Германия сапасындағы натяжной потолокларды ең қолайлы баҳада орнатып беремиз !!!

Өнимлер "MSD PREMIUM" категориясындағы ең сапалы материяллардан таярланады хәмде 10 жыллық кепиллик бериледи.

Биз буйыртпаларды тез, сапалы, заманагөй, ең тийкарғысы қолайлы бахада хәм профессионал дәрежеде орнатып беремиз.

Сиз толық мағлыӯмат хәм каталогты алмақшы болсаңыз ямаса буйыртпа суммасын есаплауды қәлесеңиз төмендеги силтемеден өтип атыңыз хәм номериңизди жазып қалдырың!

Бийпул хызметлер:

Консултация бериұ
Өлшем алыұ
Жеке дизайн
Орнатып бериұ

Байланыс: +998932871500
34.9K views14:56
Buka / Bagaimana
2024-04-30 17:11:09
Қарақалпақ шайырларының шығармалары инглиз тилинде жәрияланды

Биринши мәрте уллы шайырлар Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповтың шығармалар топламынан ибарат улыўма 242 бетли китап инглиз тилинде баспадан шығып, дүнья аудиториясына усынылды.

Бүгинги күнде китап Аmazon.com глобал интернет дүканына сатыўға қойылған. "Қарақалпақтың үш шайыры" деп аталған бул китапқа Аmazon.com интернет дүканында халық аўызеки ҳәм классикалық поезиясына тийкарланған Орайлык Азияның ең уллы әдебиятларының бири деп тәрийп берилген.

Топламнан Бердақтың "Шежире", Әжинияздың "Бозатаў" ҳәм Ибрайым Юсуповтың "Арал элегиясы" шығармалары орын алған.

Китап британиялы шайыр Эндрю Станиланд тәрепинен, Гулбахар Изентаева, Шахноза Кеңесбай қызы, Айнура Назырбаева, Нилуфар Абдуллаева, Наргиза Уразымбетова ҳәм Гулназ Жадигеровалар жәрдеминде инглиз тилине аўдарылған.

@Karakalpak24
35.7K views14:11
Buka / Bagaimana
2024-04-30 17:01:20
Qaraqalpaq hám rus klaslardı oqıta alatuģın baslawısh klass muģalimin izlep atırmız...

Biz sizge:

Qaģazbazlıqsız jumıs;
Qolaylı ortalıq;
Sizdi qanaatlandıratuģın aylıq
usınamız.

Jumısqa test hám sáwbet (beseda) arqalı qabıllaymız.

Tolıq maģlıwmat alıw ushın

+998990570101

__

Ищем учителя начальных классов для русских и каракалпакских групп...

Предлагаем вам:

Работу без бумажного
документооборота;
Комфортная обстановка;
Зарплата, которая вас устроит;

Принимаем на работу через  тестирование и собеседование

А подробнее

+998990570101

Реклама
37.2K views14:01
Buka / Bagaimana
2024-04-30 15:56:11
Жаңа авиажөнелисти күтип алың: Нөкис - Стамбул - Нөкис

Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен «Қарақалпақстан Республикасына туристлер ағымын еле де көбейтиў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў мақсетинде 2024-жылдың апрель айынан баслап Нөкистен Стамбулға билетлер сатылыўы, июнь айынан баслап авиақатнаўларды жолға қойыў тапсырмасы берилген еди.

Қарар орынланыўы шеңберинде пәрўазлар 3-июннан баслап ҳәр дүйшенби күни әмелге асырылады. Авиабилетлерди www.uzairways.com сайтында, мобил қосымша, Uzbekistan Airways Sales филиалы ямаса авиакомпания агентлери арқалы сатып алсаңыз болады.

@Karakalpak24
39.1K views12:56
Buka / Bagaimana
2024-04-30 14:58:19
Нөкис қаласында Мас-Рестлинг бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери өткериледи

Усы жылдың 15-20-май күнлери Нөкис қаласында спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, Мас-Рестлинг спорт түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәретебе өткерилмекте.

Болып өтетуғын мәнзил: Т.Қайыпбергенов көшеси 52-жай. Бағдар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи.

@Karakalpak24
40.9K views11:58
Buka / Bagaimana
2024-04-29 18:10:01
Саратан (Рай) кеселлигине қарсы дүньядағы биринши емлеў вакцинасы жаратылғаны айтылмақта

«The Guardin» баслымының жазыўынша, британиялы алымлар қәўипли өсимтелерге қары "mRNK" вакцинасын жаратқан болып, ол әллеқашан сынаўдың екинши басқышынан үшинши басқышына өткен.

@Karakalpak24
16.8K viewsedited  15:10
Buka / Bagaimana