Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Logo saluran telegram karakalpak24 — Каракалпак 24
Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 99.52K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 15

2024-05-05 12:23:26
“Адамды ийттен жоқары көриўди басламағанша, ҳаялым пойездқа шықпайды”

“Нөкис-Самарқанд” бағдарында пойездта жолаўшы ретинде келген журналист Исомиддин Полатов “плацкарт”тағы шараятлар ҳаққында жазып, вагонлардағы жағдайды қорқынышлы түске уқсатқан. “Өзбекстан темиржоллары бул ҳаққында ойлағанша әсирлер өтпесе болды. Себеби “үлкен”лердиң ҳаялы, қызлары бул вагонлар ҳаққында улыўма билмейди, деп жазады ол.

Журналист өзбекстанлыларға ҳаялы ҳәм қызларын пойездға шығармаўды усыныс еткен. Ол буған себеп ретинде пойездлардың “плацкарт” вагонларында шараят жоқ екенлигин көрсеткен.

@Karakalpak24
37.6K views09:23
Buka / Bagaimana
2024-05-05 08:53:01
Арал бойынан динозавр излери табылғаны распа?

Социал тармақларында Арал бойынан динозавр излери ҳәм динозавр баласының сүйеклери табылғаны хаққында хабар тарқалды.

Бул хабарларға анықлық киритиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлимине қараслы Қарақалпақстан тәбийий пәнлер илмий изертлеў институтының геология лабороториясы басқарыўшысы Иззет Айымбетов пенен сәўбетлестик.

Динозаврларға тийисли кем ушырайтуғын сүйек ҳәм излерин табыў изертлеў қашаннан, ким тәрепинен басланды?

Өткен жылдың сентябрь айында Қарақалпақстанлы алымлар менен шериклик қылыў мақсетинде Словакиядан бир неше палеонтолог алымлар келди.

Олардың арасында суўда жасайтуғын динозаврдың кишилеў түриниң сүйеги де бар. Алымлар елине қайтип кетиўди ҳәм усы жылдың апрель айы басында және Қарақалпақстанға келип, изертлеў жумысларын даўам еттирип, Үстюртте динозавр излерин тапты.

Табылған излер жыллар даўамында қандай сақланып қалғаны бизге жүдә қызық…

-Динозаврлардың излери жерге батып, ўақыт өткен сайын геологик процесслер нәтийжесинде тасқа айланып қалады.Ҳәзир алымлар әне сол таслар излерин шуқыр үйренбекте.

@Karakalpak24
40.5K views05:53
Buka / Bagaimana
2024-05-05 06:10:38
7-май күни Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласында "свет" өшеди

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы тǝрепинен 2024-жылы жоқары кернеўли 110 кВлы “Орайлық” ҳаўа электр узатыў тармағында реконструкция-модернизация жумысларын ǝмелге асырыў режелестирилген.

Усы жумысларды өткериўге байланыслы 2024-жыл 7-май күни саат 8-00 ден 18-00 аралығында Бозатаў, Кегейли, Қараөзек, Нөкис, Тахтакөпир, Шымбай районлары ҳǝм Нөкис қаласы аймақларында электр энергиясы менен тǝмийнлеўде шеклеўлер болатуғынлығын билдиремиз.

“АЭТ” АЖ Қарақалпақстан аймақлық филиалы

@Karakalpak24
55.3K views03:10
Buka / Bagaimana
2024-05-05 06:00:29
Сизге сапалы көзәйнек ҳәм анық көз диагнозы керек пе?

"JV OPTIKA"сы соңғы моделдеги аппараты менен зрениеңызды анықлап, 15 минутта сизге қолайлы ҳәм жузиңизге жарасымлы көз айнеклер ислеп береди.

"JV OPTIKA"сы менен дуньяны айнадай тынық көриң!

!!!ДЫККАТ ЖАНАЛЫК!!!
Тек кана 3 кун (6-7-8 май) кунлер биздин оптика да улкен шегирме...

Шегирмеге
- бейпул диагностика
- оправалар га 30% шекем шегирме


Мәнзил: Нукус, Амир Тимур көшеси
Бағдар: 3-магазин, Бабажанов студия жанында

Тел: (77)444-88-88
        (97)359-13-13

Реклама
40.4K views03:00
Buka / Bagaimana
2024-05-05 01:22:04
Грин-карта нәтийжелери жәрияланды

Жуўапларды dvprogram.state.gov сайтына кирип билип алыўыңыз мүмкин.

@Karakalpak24
38.7K views22:22
Buka / Bagaimana
2024-05-04 21:12:28
Қолдан исленген арақ сатыўшы иркилди

Бас прокуратура жанындағы Департаменттиң Әмиўдәрья  районлық бөлими тәрепинен өткерилген оператив илаж даўамында қолдан исленген арақ сатыўшылар иркилди.

Атап айтқанда,   Ишки ислер бөлими хызметкерлери менен өткерилген илажда пуқара Ю.А. басқарыўындағы “Cobalt” маркалы автотранспорт қуралы ҳеш қандай ҳүжжетлерсиз, 5 түрдеги жәми 456 дана қолдан исленген алкоголь өнимлерин өткериў мақсетинде алып киятырғаны анықланды ҳәм айғақлы дәлил сыпатында алынды.

Бул жағдай бойынша Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

@Karakalpak24
41.0K views18:12
Buka / Bagaimana
2024-05-03 19:25:06
Қырғызстанда 29 мектеп оқыўшысын жүк машинасы басып кетти

Қырғызстандағы байрам ўақтында төбеликте турған жүк машинасы ҳәрекетленип кеткен ҳәм 29 мектеп оқыўшысын басып кеткен. Олардан 18 оқыўшы емлеўханада.

@Karakalpak24
29.6K views16:25
Buka / Bagaimana
2024-05-03 16:35:08
Енди бала пулы ҳәм материаллық жәрдем белгилеў онлайн арза арқалы әмелге асырылады

My.gov.uz арқалы көрсетилетуғын бул қолайлықтан кем тәмийинленген шаңарақлар, атап айтқанда, шаңарағында 18 жасқа толмаған перзенти бар болған талабанлар пайдаланыўы мүмкин.

Балалар пенсиясы 12 ай (бала 18 жасқа толаман дегенше), материаллық жәрдем 6 ай мүддетке төленеди.

@Karakalpak24
38.6K views13:35
Buka / Bagaimana
2024-05-03 16:20:02
Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи

Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады.

Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи. (дерек)

@Karakalpak24
36.1K views13:20
Buka / Bagaimana
2024-05-03 16:14:12
MEGA USNIS

Redmi 13C 4/128 GB — 99 000 sumnan
Honor X7b 8/128 GB – 109 000 sumnan
Huawei Nova Y61 6/64 GB – 99 000 sumnan
Tecno Spark Go 2024 4/64 GB - 69 000 sumnan
Vivo Y02T 4/64 GB – 89 000 sumnan

Sorawlar boyınsha :
71-230 -7799
@ideauz_chat

Onlayn buyurtma | Instagram | Do'konlarimiz

Реклама
29.7K viewsedited  13:14
Buka / Bagaimana