Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Logo saluran telegram karakalpak24 — Каракалпак 24
Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 99.52K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru 16

2024-05-03 15:55:16
Музқаймақлардан зәҳәрленип қалмаң!

Бәршеге мәлим, ыссы ҳаўа райы кирип келиўи менен музқаймақларға болған талап артып баслайды. Бирақ, умытпаўымыз керек, бул өнимди абайлылық пенен қабыл етпесек ол пуқаралар арасында аўқаттан зәҳәрлениўге (отравление) алып келиўи мүмкин.

Әсиресе, сонғы ўақытлары көше яки жоллардағы қәлеген орынларда түрли қутыларда сатылып атырылған музқаймақлар бул қәўипти еле де асырады.

Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы Мәлимлеме хызмети

@Karakalpak24
31.1K viewsedited  12:55
Buka / Bagaimana
2024-05-03 15:37:02
Шоманайлы Айнура Америка Қурама Штатындағы «IVY лигасы»на ағза жоқары оқыў орнына кирген қарақалпақстанлы биринши студент болды

Шоманай районы қәнигелестирилген мектебиниң 11-класс оқыўшысы Ережепбаева Айнура Муратбай қызы дүнья жүзиндеги IVY лигасы қурамына киретуғын жоқары рейтингте турыўшы DARTMOUTH жоқары оқыў орнына 100 пайызлық грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Ажыратылған грант ишинде оқыў, жатақ жай, виза, жол ҳақы ҳәм стипендия сыяқлы имкәниятлар бар.

Мағлыўмат ушын IVY лигасы қурамына 8 университет киреди.

Айнура Ережепбаева 4 жыл даўамыда оқыўы ушын 384 480 АҚШ доллар грант ийеси болды.

@Karakalpak24
29.6K views12:37
Buka / Bagaimana
2024-05-03 15:33:03
O'z uyingiz haqida orzu qilyapsiz, lekin mablag'ni qayerdan olishni bilmaysizmi?
Rejalaringizni keyinga qoldirmang! Minimal boshlang'ich to'lovini qiling va Biznesni rivojlantirish bankining 600 mln. so'mgacha ipoteka turlari bilan o'z uyingizga ega bo'ling.

Kreditlar shartlari:
-Kredit miqdori 600 mln. so'mgacha
-Muddati 20 yilgacha
-Boshlang'ich to'lov uy narxining 15% dan boshlanadi
-Kredit foizi yillik 17,5% dan boshlanadi

BRB – orzularingizni haqiqatga aylantiramiz.

Qo'shimcha ma'lumotni havoladan yoki 1254, (78) 150-00-55 raqamlaridan yoki @brbsupport dan oling.

@brb

Реклама
31.8K viewsedited  12:33
Buka / Bagaimana
2024-05-03 14:21:20
Бозатаўда аўыл жоллары ойылып қалмақта

Социаллық тармақ пайдаланыўшысының мәлим етиўинше, Бозатаў районы, «Қусқанатаў» АПЖ, «Еркин» аўылы аймағындағы ишки жоллардан бири өз-өзинен ойылып қалмақта.

Бул өз гезегинде аўыл турғынлары ушын, автотранспорт басқарыўшылары ушын, сондай-ақ, киши жастағы балалар ушын ҳәм үй ҳайўанлары ушын қәўип туўдырмақта.

@Karakalpak24
32.6K viewsedited  11:21
Buka / Bagaimana
2024-05-03 13:59:18
Нөкис қаласында Мас-Рестлинг бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери өткериледи

Усы жылдың 15-20-май күнлери Нөкис қаласында спорттың Мас-Рестлинг түринен ересеклер ҳәм жаслар арасында Азия чемпионаты беллесиўлери болып өтеди.

Мағлыўмат орнында айтып өтиў керек, Мас-Рестлинг спорт түри бойынша Азия чемпионаты беллесиўлери Қарақалпақстан Республикасында биринши мәретебе өткерилмекте.

Болып өтетуғын мәнзил: Т.Қайыпбергенов көшеси 52-жай. Бағдар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи.

@Karakalpak24
35.0K views10:59
Buka / Bagaimana
2024-05-02 19:00:50
2024-жыл ҳәр жылдағыдан да ыссы болады

Ыссы ҳаўа-райы Тыныш океанындағы суў температурасының өзгериўи Эл Нино ақибети болып, бул пүткил дүнья ықлымына, әсиресе Орайлық Азияға тәсир етеди.

Болжаўларға бола, быйыл Өзбекстанда ҳәр қашанғыдан да ыссы болыўы күтилмекте.

@Karakalpak24
46.7K viewsedited  16:00
Buka / Bagaimana
2024-05-02 18:49:56
Төрткүлдеги ҳәм Қанлыкөлдеги дийқан базарлар меншиклестирилиўи мүмкин

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң "Базарлар ҳәм саўда комплекслерин заманагөй қараслар тийкарында тәртипке келтириўдиң қосымша ис-илажлары ҳаққында"ғы ID-97870 санлы Қарар жойбары https://regulation.gov.uz порталына додалаў ушын қойылды.

Бул жойбарда Устав капиталындағы мәмлекет акциялары дәслепки басқышда заманагөй көриниске келтириў шәрти менен белгиленген тәртипте сатылатуғын базар ҳәм саўда комплекслери дизими де келтирилген - Ҳүкимет қарары жойбары

@Karakalpak24
42.9K views15:49
Buka / Bagaimana
2024-05-02 18:36:59
"Хазир алин кейн толен" атамасында озимиздин миллий брендимиз болган Mobishop компанияси сиз хурметли харидарлар ушин 3-4-5 май кунлери оз акциясин   жаряалайды сизди "MobiShop" та кутемиз
Маглумат ушин тел:
+998951360005
+998951370005
Манзиллеримиз: Нокис каласы “MEGA NUKUS“ сауда орайы.(1-кабат)
Нокис каласы “Орайлык Базар“ туннел жанында

Социал тармакларымыз:
                                               
Instagram | Telegram | Telegram bot

Реклама
38.4K views15:36
Buka / Bagaimana
2024-05-02 18:36:18
Сокращениеге түскен тараўлар ҳәм штатлар саны анық болды

@Karakalpak24
32.7K views15:36
Buka / Bagaimana
2024-05-02 18:19:47
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңес Баслығы III Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атыр

Бүгин мәмлекетимиз пайтахты Ташкент қаласында III Ташкент халықаралық инвестиция форумы өткерилип атыр.

Онда дүньяның барлық материклеринен жаңадан-жаңа исенимли шериклер бир жерге жыйналып атырған болып, өткен үш жыл даўамында усы форум еки ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў, ең әҳмийетли машқалаларды талқылаў, алдыңғы идея ҳәм жойбарларды ислеп шығыў ушын нәтийжели пикирлесиў майданына айланды.

Бүгинги өткерилип атырған илажда да 93 мәмлекеттен еки ярым мыңнан аслам сырт елли мийманлар келгени де форумның әҳмийети барған сайын артып баратырғанлығын айқын тастыйықлайды.

Форум шеңбериндеги илажларда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев та қатнасып атыр.

Ҳәзирги ўақытта Жоқарғы Кеңес Баслығы бир қатар мәмлекетлер исбилерменлери менен сөйлесиўлер алып бармақта.

Сөйлесиўлер барысында ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў ҳәм инвестициялық тартымлылықты арттырыў бойынша жаратылған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтилди.

Ҳәзирги ўақытта бирге ислесиўлерди жолға қойыў бойынша сөйлесиўлер даўам етпекте.

@Karakalpak24
34.2K viewsedited  15:19
Buka / Bagaimana