Get Mystery Box with random crypto!

Шоманайлы Айнура Америка Қурама Штатындағы «IVY лигасы»на ағза | Каракалпак 24

Шоманайлы Айнура Америка Қурама Штатындағы «IVY лигасы»на ағза жоқары оқыў орнына кирген қарақалпақстанлы биринши студент болды

Шоманай районы қәнигелестирилген мектебиниң 11-класс оқыўшысы Ережепбаева Айнура Муратбай қызы дүнья жүзиндеги IVY лигасы қурамына киретуғын жоқары рейтингте турыўшы DARTMOUTH жоқары оқыў орнына 100 пайызлық грант тийкарында оқыўға қабыл етилди.

Ажыратылған грант ишинде оқыў, жатақ жай, виза, жол ҳақы ҳәм стипендия сыяқлы имкәниятлар бар.

Мағлыўмат ушын IVY лигасы қурамына 8 университет киреди.

Айнура Ережепбаева 4 жыл даўамыда оқыўы ушын 384 480 АҚШ доллар грант ийеси болды.

@Karakalpak24