Get Mystery Box with random crypto!

Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумғ | Каракалпак 24

Айырым пуқараларға турақ жай қурыў ҳәм оңлаў ушын 120 млн сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи

Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады.

Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи. (дерек)

@Karakalpak24