Get Mystery Box with random crypto!

Нөкистеги автобусларда жол ҳақысын пластик карта арқалы төлеў | Каракалпак 24

Нөкистеги автобусларда жол ҳақысын пластик карта арқалы төлеў имканы жаратылды

Қарарға көре, жәмийетлик транспортта жолаўшыларды тасыўда заманагой хабар-коммуникация технологияларын енгизиў арқалы халыққа транспорт хызметлерин көрсетиў сапасын жақсылаў, жол ҳақысын жыйнаўда ашықлықты тәмийинлеў, улыўма пайдаланатуғын транспортта жолаўшы тасыў системасын жәнеде жетилистириў, автоматластырылған төлеў системасын басқышпа-басқыш енгизиў белгиленген.

Усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде халыққа қолайлық жаратыў мақсетинде жәмийетлик транспортта жол ҳақысын электрон система арқалы әмелге асырыў жолға қойылды.

Ҳәзирги ўақытта Нѳкис қаласы ишинде ҳәрекетлениўши 40 дана автобусқа электрон тѳлемин қабыл етиўши стационар валидаторлар орнатылған болып, жолаўшылар банк картасы арқалы жол ҳақыны тѳлеўи мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети

@Karakalpak24