Get Mystery Box with random crypto!

Кәсиплесимиз Ақтенге Кеўнимжаева Париж-2024 Олимпиада жолланба | Каракалпак 24

Кәсиплесимиз Ақтенге Кеўнимжаева Париж-2024 Олимпиада жолланбасын қолға киргизди

Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Оператив ўазыйпаларды атқарыўшы көшпели отряды аға қәнигеси, киши сержант Кеўнимжаева Ақтенге Қазы қызы усы жылы 19-21-апрель күнлери аралығында Қырғызстан Республикасы пайтахты Бишкек қаласында ҳаяллар гүреси бойынша Париж -2024 Олимпиадасы лицензиялары ушын болып өткен жарыста тарийхый нәтийжеге еристи.

50 кг салмақ категориясында қатнасқан кәсиплесимиз ярым финалда қарсыласын жеңилиске ушыратып, Париж -2024 Олимпиадасы жолланбасын қолға киргизди. Өз гезегинде кәсиплесимиз Ақтенге Кеўнимжаеваға Париж-2024 Олимпиада ойынларында да жоқары нәтийжелерди ийелеўине тилеклеспиз.

Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниӊ Мәлимлеме хызмети

@Karakalpak24