Get Mystery Box with random crypto!

Жаңа авиажөнелисти күтип алың: Нөкис - Стамбул - Нөкис Ҳүрме | Каракалпак 24

Жаңа авиажөнелисти күтип алың: Нөкис - Стамбул - Нөкис

Ҳүрметли Президентимиздиң 2024-жыл 9-февраль күнги 66-санлы қарары менен «Қарақалпақстан Республикасына туристлер ағымын еле де көбейтиў, оларға қолайлы шәраятлар жаратыў мақсетинде 2024-жылдың апрель айынан баслап Нөкистен Стамбулға билетлер сатылыўы, июнь айынан баслап авиақатнаўларды жолға қойыў тапсырмасы берилген еди.

Қарар орынланыўы шеңберинде пәрўазлар 3-июннан баслап ҳәр дүйшенби күни әмелге асырылады. Авиабилетлерди www.uzairways.com сайтында, мобил қосымша, Uzbekistan Airways Sales филиалы ямаса авиакомпания агентлери арқалы сатып алсаңыз болады.

@Karakalpak24