Get Mystery Box with random crypto!

Қарақалпақ шайырларының шығармалары инглиз тилинде жәрияланды | Каракалпак 24

Қарақалпақ шайырларының шығармалары инглиз тилинде жәрияланды

Биринши мәрте уллы шайырлар Бердақ, Әжинияз ҳәм Ибрайым Юсуповтың шығармалар топламынан ибарат улыўма 242 бетли китап инглиз тилинде баспадан шығып, дүнья аудиториясына усынылды.

Бүгинги күнде китап Аmazon.com глобал интернет дүканына сатыўға қойылған. "Қарақалпақтың үш шайыры" деп аталған бул китапқа Аmazon.com интернет дүканында халық аўызеки ҳәм классикалық поезиясына тийкарланған Орайлык Азияның ең уллы әдебиятларының бири деп тәрийп берилген.

Топламнан Бердақтың "Шежире", Әжинияздың "Бозатаў" ҳәм Ибрайым Юсуповтың "Арал элегиясы" шығармалары орын алған.

Китап британиялы шайыр Эндрю Станиланд тәрепинен, Гулбахар Изентаева, Шахноза Кеңесбай қызы, Айнура Назырбаева, Нилуфар Абдуллаева, Наргиза Уразымбетова ҳәм Гулназ Жадигеровалар жәрдеминде инглиз тилине аўдарылған.

@Karakalpak24