Get Mystery Box with random crypto!

Аўыл хожалығы тараўы ушын берилген жеңиллик тийкарында қысқа ў | Каракалпак 24

Аўыл хожалығы тараўы ушын берилген жеңиллик тийкарында қысқа ўақыт ишинде республикамызға жаңадан 377 техника ҳәм агрегатлар алып келинди

Қарақалпақстанға улыўма 67 млрд. 873 млн. сум қаржы тийкарында жәми 783 техника алып келиниўи белгиленген болып, реже бойынша артығы менен 962 техника ушын шәртнамалар дүзилди. Соннан, жәми 377 техника ушын аванс төлемлери төлеп берилди. Нәтийжеде бул техникалардан 272 данасы лизинг тийкарында республикамызға кирип келиўи тәмийинленди. Буннан тысқары, лизинг ҳәм банк кредитлери есабынан 105 техника алып келиниўине ерисилди ҳәм бүгинги күнде атыз майданларында хызмет етпекте.

@Karakalpak24