Get Mystery Box with random crypto!

Бүгиннен баслап протез ҳәм басқа реабилитация қураллары ушын ж | Каракалпак 24

Бүгиннен баслап протез ҳәм басқа реабилитация қураллары ушын жәрдем пул муғдары көбейди

Президенттиң 27.02.2024-жылдағы ПҚ-88-санлы қарарына тийкар 1-майдан баслап:

протез ҳәм реабилитация қуралларын сатып алыў ушын мәмлекет тәрепинен мүтәж адамларға берилетуғын пул муғдары 3 есеге, пулы қаплап берилетуғын реабилитация қуралларының түрлери 10 есеге шекем арттырылады;

майыплығы болған шахсларға протез ҳәм реабилитация қураллары қосымша ҳүжжетлерсиз бериледи;

майыплық топары болмаған пенсия жасындағы шахслардың протез ҳәм реабилитация қуралларына мүтәжлиги ҳаққындағы медициналық жуўмақ “Медициналық социаллық экспертиза” электрон мәлимлеме системасы арқалы бериледи.

@Karakalpak24