Get Mystery Box with random crypto!

20 жыллық дем алыс: Тайсон қайтпақта! Профессионал бокс бойын | Каракалпак 24

20 жыллық дем алыс: Тайсон қайтпақта!

Профессионал бокс бойынша бурынғы жәҳән чемпионы Майк Тайсон дерлик 20 жыллық дем алыстан кейин 58 жасында еки минуттан 8 раундқа мөлшерленген ринг беллесиўине таярлық көрмекте.

Усы жыл 20-июль күни “ютубшы” Жейк Полға қарсы өтетуғын бул беллесиў Тайсонның үлкен сахнаға қайтыўы сыпатында талқыланбақта.

Бул пикирди Техас бокс комиссиясы айтып өткен.

Бул беллесиў АҚШтың Арлингтон провинциясындағы “АT&T” комплексинде шөлкемлестириледи.

“Netflix” телеканалы арқалы жанлы эфирге узатылатуғын беллесиў 27 жастағы Пол ҳәм 58 жасқа толатуғын Тайсон арасындағы жас өзгешелиги себепли көргизбели тәризде уйымластырылыўы күтилген еди. Соң тәреплердиң келисимине бола, беллесиў толық профессионал бокс жарысы түринде өткерилиўи белгиленди.

@Karakalpak24