Get Mystery Box with random crypto!

'Темир дәптер'ге кимлер киргизиледи? Ҳүкиметтиң 250-санлы қар | Каракалпак 24

"Темир дәптер"ге кимлер киргизиледи?

Ҳүкиметтиң 250-санлы қарарына етилген "Ўақтыншалық тәртипке" тийкар, ҳәр бир сектор бойынша мәҳәллебай "Темир дәптер"ге төмендеги тайыпадағы шаңарақлар киритиледи:

социаллық жәрдемге мүтәж I ҳәм II топар майыплығы болған шаңарақлар;

кем тәмийнленген жеке-жалғанлар ҳәм кекселер;

бағыўшысынан айырылған шаңарақлар;

көп (4 ҳәм оннан артық) перзентли материаллық көмекке мүтәж шаңарақлар;

мийнетке уқыплы жумыссыз ағзалары бар болған шаңарақлар;

медициналық жәрдемге мүтәж шаңарақлар;

жарамсыз орынларда жасап атырған, өзи ямаса бирге жасаўшы шаңарақ ағзаларының атында турақ-жай болмаған шаңарақлар.


@Karakalpak24