Get Mystery Box with random crypto!

Бүгин шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни Өзбекстан ҳәм Қа | Каракалпак 24

Бүгин шайыр Ибрайым Юсуповтың туўылған күни

Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы Ибрайым Юсупов 1929-жыл 5-майда Шымбай районында туўылған.

Шайырдың «Күншығыс жолаўшысына», «Бахыт лирикасы», Йош», «Аласатлы дүнья бул», «Үйлер», «Жети асырым», «Дала әрманлары», ««Дузлы самаллар», «Кеўилдеги кең дүнья», «Беглигиңди бузба сен…», «Кеўил кеўилден суў ишер», «Тумарис ҳәм басқа поэмалары», «Ҳәр кимниң өз заманы бар» атамасындағы қосық китаплары ҳәм «Таңламалы шығармалары» топламлары басып шығарылған.

Оның қосықлары түркий тиллер әдебиятының гүлтажына айланды. Бир қатар дөретпелери қазақ, украин, беларусь, грузин, болгар ҳәм басқа да халықлардың тиллерине аўдармаланды.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң арнаўлы қарары менен Нөкисте Ибрайым Юсуповтың естелиги ҳәм оның атындағы дөретиўшилик мектеби қурылды.

Әдебиятымыздың уллы тулғасының мийрасы барқулла ардақланып, еске алынады. 

Республикамызда өткерилиўи дәстүрге айланған «Үш әўлад» ушырасыўларында да шайыр Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилиги айрықша тилге алынып келинбекте.  

Қарақалпақ әдебиятының қос байтерегиниң бири, белгили шайыр, Өзбекстан қаҳарманы, «Эл-юрт ҳурмати», «Дўстлик» орденлерине мүнәсип деп табылған пазыйлетли инсанды халқымыз барқулла ядында сақлайды. Оның өлмес мийрасы болса әдебиятымыздың гүлтажы сыпатында әўладларға үлкен руўхый азық дереги болып хызмет етеди.

@Karakalpak24