Get Mystery Box with random crypto!

Өмирден заўықлан! Бул сениң өмириң. Егер саған қандайда бир н | Ómir sabaqlari

Өмирден заўықлан!

Бул сениң өмириң. Егер саған қандайда бир нәрсе жақпаса оны өзгерттир. Егер қылып атырған исиң жақпаса оны ислеме. Егер саған ўақыт жетпей атырған болса телевизор алдында ўақтыңды көп өткерме.

Турмыста муҳаббат излеп атырған болсаң, тоқта. Ардақлы шынығыўың менен шуғылланғаныңда ол сени өзи табады. Талқылаўды тоқтат. Өмир талқылаў ушын берилмеген.  Буны түсин!

Саяхат ет! Бәлким жойтқан жериңде өзиңди табарсаң. Көп мүмкиншиликлер бир рет ғана бериледи. Оларды услап қал. Турмыс - бул сениң жолыңда ушырайтуғын адамлар ҳәм олар менен бирге қуратуғынларың.

Солай екен, қурыўды басла.
Турмыс дүбелейдей тезлик пенен өтип кетеди. Жүдә тез! Әйне ўақытта тап ҳәзир басла.
Мыйық тарт, өйткени мыйық тартыў да садақадур.
Аллаҳ садақа бериўшини жақсы көреди.

@omir_sabaqlari