Get Mystery Box with random crypto!

Өмир сабақлары.☘

Alamat saluran: @omir_sabaqlari
Kategori: Agama
Bahasa: Bahasa Indonesia
Pelanggan: 16.98K
Deskripsi dari saluran

@omir_sabaqlari
Байланыс ушын
Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий
🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Ratings & Reviews

2.50

2 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

0

4 stars

0

3 stars

1

2 stars

1

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru

2024-05-15 06:30:09
Өмирден ҳәмийше гөззаллық ҳәм жақсылық излеп жасаң, сонда өзиңиз де сол нәрселерге ийе боласыз.

Ассаламу алейкум заманласлар!

Кеўилиңиз ийманға
Үйиңиз қуўанышқа
Жүзиңиз нурға
Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

@omir_sabaqlari
5.1K viewsedited  03:30
Buka / Bagaimana
2024-05-13 19:04:50
СОРАЎ?

Хан Маман бийге сораў берип мат етпекши болады. Бирақ Қарақалпақ батыры ҳәм дана бийи ханның өзин лал қалдырады...
- Хан:
Сөздиң ийеси не?
Суўдың ийеси не?
Жолдың ийеси не? - деп сорайды.

Бул сораўға он бес жасар Маман бий төмендегише жуўап береди..

Жуўапты билиў ушын төмендеги силтемени басың.
5.9K views16:04
Buka / Bagaimana
2024-05-11 19:47:11
Тәғдир - тән беретуғынлардың қолынан услайды.
Бойсынбайтуғынларды болса сүйрейди...

Конфуций

Сиз қайсысысыз....

@omir_sabaqlari
8.8K views16:47
Buka / Bagaimana
2024-05-11 19:34:24
"Кеўилим" дегенлериңиз кеўлиңиз болмайды.

"Сүйенишим" дегенлериңиз сүйемейди.

"Оң қолым" дегенлериңиз бармағын да қыймылдатпайды.

"Турып бергенлериңиз" ўақты келгенде сен ушын турып бере алмайды.

Өзиңизден басқа ҳеш кимге исенбең!

@omir_sabaqlari
7.8K views16:34
Buka / Bagaimana
2024-05-11 19:16:56
Жумысы питкенше дос болатуғын айырым кимселер көбейип кеткен...

@omir_sabaqlari
6.3K views16:16
Buka / Bagaimana
2024-05-11 12:32:46
Өмирден заўықлан!

Бул сениң өмириң. Егер саған қандайда бир нәрсе жақпаса оны өзгерттир. Егер қылып атырған исиң жақпаса оны ислеме. Егер саған ўақыт жетпей атырған болса телевизор алдында ўақтыңды көп өткерме.

Турмыста муҳаббат излеп атырған болсаң, тоқта. Ардақлы шынығыўың менен шуғылланғаныңда ол сени өзи табады. Талқылаўды тоқтат. Өмир талқылаў ушын берилмеген.  Буны түсин!

Саяхат ет! Бәлким жойтқан жериңде өзиңди табарсаң. Көп мүмкиншиликлер бир рет ғана бериледи. Оларды услап қал. Турмыс - бул сениң жолыңда ушырайтуғын адамлар ҳәм олар менен бирге қуратуғынларың.

Солай екен, қурыўды басла.
Турмыс дүбелейдей тезлик пенен өтип кетеди. Жүдә тез! Әйне ўақытта тап ҳәзир басла.
Мыйық тарт, өйткени мыйық тартыў да садақадур.
Аллаҳ садақа бериўшини жақсы көреди.

@omir_sabaqlari
8.5K views09:32
Buka / Bagaimana
2024-05-11 10:13:08
Қарсыңыздағы инсаннан ақыл, кеўил ҳәм туўрылық излең. Үшиншиси болмаса, алдынғы екеўине алданып қалмаң...

@omir_sabaqlari
8.2K views07:13
Buka / Bagaimana
2024-05-10 18:29:16
Несийбең келеди... Саған нәсип ететуғын нәрсе басқа биреўине нәсип етпес...  Тәғдириң болатуғын киси басқа биреўине яр болмайды... Бул дүньяда саған аталғаны, сеннен кетпес... 
Сеннен талап ― дуўа етиў ҳәм дуўаны турмысыңа жаўдырмақдур...
Сабыр менен шыдаўдур. Сен шыдаған сайын несийбең гөззалласар... Сен урынғаның сайын несийбең жақынласар. Сен қәдем таслағаның сайын ең жақсысы нәсип етер... Гүдикленип күтиў менен келетуғын нәрсе келип қалмайды.
Умытпа..! Несийбеңе қарай жол алсаң ғана жол ашылады саған..!

- Эрдоған Йылдырым

@omir_sabaqlari
9.5K views15:29
Buka / Bagaimana
2024-05-10 18:09:51
Реңиниң тазалығына алданба аўзында өлтириўши зәҳәр бар!
Қаншадан-қанша сыртынан аппақ көринетуғынлар бар, кеўли қап-қара!

@omir_sabaqlari
7.0K views15:09
Buka / Bagaimana
2024-05-10 18:09:35 Дөгерегиң шалқар суў,
Ишиўге суў таппайсаң.
Теңиз
6.8K views15:09
Buka / Bagaimana