Енди судтың атқарыў ҳүжжетлери электрон бериледи Нызамшылыққа муўапық, усы жылдың 1-май сәнесинен: суд ҳүжжетлери тийкарында атқарыў ҳүжжетлерин электрон формада бериў (жибериў, усыныў) тәртиби енгизиледи; пуқаралардан қарыздарлықлары ушын өндириў қаратылыўы мүмкин болмаған ең кем кепилленген дарамат белгиленеди; атқарыў исин жүргизиўдиң әпиўайыластырылған тәртиби почта қәрежетлери бойынша қарыздарлықты өндириўге қолланылады. @Karakalpak24 33.3K views13:43