Get Mystery Box with random crypto!

Каракалпак 24

Alamat saluran: @karakalpak24
Kategori: Berita
Bahasa: Bahasa Indonesia
Negara: Uzbekistan
Pelanggan: 101.10K
Deskripsi dari saluran

Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @kk24_reklama

Ratings & Reviews

4.00

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

1

3 stars

1

2 stars

0

1 stars

0


Pesan-pesan terbaru

2024-05-18 11:43:05
1-майдан жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға материаллық жәрдем бериледи

2024-жыл 1-майдан реестрге киритилген жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахсларға ҳәр айлық турақ жай коммунал хызметлер ҳақын төлеў бойынша компенсация ҳәм азық-аўқат өнимлерине, жеке гигиена товарлары ушын ҳәр айда қосымша пул төлемлери орнына ҳәр айда минимал тутыныў қәрежетлери муғдарында материаллық жәрдем енгизиледи.

Жалғыз кекселер ҳәм майыплығы болған шахслардың жоғалған биометрик паспортлары олар реестрге киритилгенге шекем "Инсан" социаллық хызметлер орайы буйыртпасы тийкарында мәмлекетлик бажы өндирилмеген ҳалда алмастырып бериледи.

@Karakalpak24
5.2K views08:43
Buka / Bagaimana
2024-05-18 11:01:03
Нызамшылыққа бола, исбилерменлерге төмендеги субсидиялар ажыратылыўы белгиленген:

2025-жылдыӊ 1-январына шекем жумысты үйге алып ислеў менен шуғылланып атырған жумыссыз ҳәм жумыс излеп атырған, сондай-ақ, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» ямаса «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри»не киргизилген пуқараларға әсбап-үскенелер ҳәм шийки зат сатып алыў бойынша қәрежетлерди қаплаў ушын, бирақ ҳәр бир жумысты үйге алып ислеўши ушын БЕМныӊ 30 есесине шекем (10 млн 200 мыӊ сум) муғдарда бир мәртелик;

жумысты үйге алып ислеў тийкарында үй шараятында ислеп атырған майыплығы болған шахслардыӊ жумыс орнын бийимлестириў ушын ҳәр бир жумыс орны бойынша БЕМныӊ 40 есесине шекем (13 млн 600 мыӊ сум) муғдарда;

жумысты үйге алып ислейтуғынларды кәсип-өнерге оқытыўға жумсалатуғын қәрежетлерди 3 айға шекемги мүддетте қаплаў ушын, бирақ ҳәр бир Жумысты үйге алып ислеўши ушын ҳәр айда БЕМныӊ 2 есесине шекем (680 мыӊ сум) муғдарда.

@Karakalpak24
11.7K views08:01
Buka / Bagaimana
2024-05-18 10:54:11
Pulmakon«CLEVER» микрокредит шөлкеми.
АВТОКРЕДИТ ХӘМ МИКРОҚАРЫЗ

2-СААТТА ШЫГАДЫ
Кредит 10 млн нан 300 млн га шекем бериледи

Кредит алыў ушын  Сиз тек ғана 2005-жылдан  төмен болмаған Автотранспорт НОТАРИУС арқалы ГИРЕЎге (ЗАЛОГқа) қойып, автомашинаңыздың жағдайына қарап кредит аласыз

АВТОКРЕДИТ ЕКЛЕМШИ БАЗАРДАН БЕРИЛЕДИ

6-айдан 1-1,5 ҳемде 2-жыл мүддетке.

БАСЛАНГЫШ ТӨЛЕМ ЖОҚ!!!

Ҳеш кандай басланғыш төлемсиз!
2010-жылдан төмен болмаған машынды сатып алсаңыз болады

КЕРЕКЛИ ҲҮЖЖЕТЛЕР:
Сатыушының ҳәм зайыбының паспорты;
Машинаның техпаспорты;
Сатыушының пластик картасы;
Сатып алыушының паспорты

10 млн   884   000
20 млн  1.767 000
30 млн  2.651 000
40 млн   3.534 000
50 млн  4.418 000
60 млн  5.301 000
70 млн  6.185  000
80 млн  7.068  000
90 млн  7.952  000
100 млн  8.835 000

Айма ай график бойынша төлеп барасыз

https://t.me/OLX_NUKUS_GRUP

Телефон
+998930002221
+998977890782
+998907003777
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ағаш базар жанындағы «Металл профиль» атлы бәндирги.

Реклама
12.1K views07:54
Buka / Bagaimana
2024-05-18 09:57:25
Кеше түнде Нөкисте күшли гүлдирмама болып шақмақ шақты.

@Karakalpak24
20.3K views06:57
Buka / Bagaimana
2024-05-18 09:46:15
Бугин 18-май күни Нөкис қаласындағы орайлық амфитеатрда "Мәўсим хитлары" атлы шоу концерти болып өтеди

Басланыў ўақты саат 19.00де

Билетлер амфитеатр кассасында сатылмақта
21.4K views06:46
Buka / Bagaimana
2024-05-18 09:32:39
Күшли жаўын себепли Өзбекстанның 6 аймағында 67 мың тутыныўшы "свет"сиз қалды

Авариялы өшиў себепли Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Самарқанд, Қашқадәрья, Бухара ҳәм Ташкент ўәлаятында 66 750 тутыныўшы ҳәмде киши ислеп шығарыў санаат кәрханалары электр тәмийнатынан ўақтыншалы үзилген.

@Karakalpak24
22.5K views06:32
Buka / Bagaimana
2024-05-18 08:18:06
Күшли самал ўақтындағы қәўипсизлик илажлары

Жасаў орынларында қапы-айналар ҳәм ҳаўа айланыў системаларын беккем бастырыў;

Электр ҳәм газ қуралларын өшириў;

көшелерде терек ҳәм электр үстинлери жанында турмаў;

көп қабатлы имаратлар балконларында, әйнек алды ҳәм сырттағы буйымларды мүмкиншилиги барынша қәўипсиз жерге алып қойыў ямаса беккемлигин тексериў;

самал күшейген ўақытта, беккем қурылған имаратлар, жер асты өтиў жоллары ҳәм басқа жасырыныў мүмкин болған орынларда қорғаныў;

ашық майданда жүрген жағдайларда қәўипсиз жерлерде қорғаныў;

бузылған имаратларға кириў, қәўипли үстинлер, реклама үстинлери ҳәм тереклер артына жасырыныў қадаған етиледи;

күшли самалдан кейин электр ҳәм газ үскенелеринен олар тексерилгеннен кейин пайдаланыў талап етиледи.

Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы Мәлимлеме хызмети

@Karakalpak24
27.1K views05:18
Buka / Bagaimana
2024-05-18 03:23:17 ХАБАРЛАНДЫРЫЎ

Республикамыз аймағында жаўын-шашын муғдарының көбейиўи себебли газ, электр ҳәм суў тармақларында жүзеге келген айрықша жағдайлар ҳәмде басқада суў жыйналыў (суў топланып қалыў) жағдайлары бойынша Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде дүзилген Оператив штабтың  +99861-222-48-49 ҳәмде +99861-222-48-41 номерлерине хабарласыўыңызды сораймыз.

ҚР Айрықша жағдайлар басқармасы

@Karakalpak24
41.1K views00:23
Buka / Bagaimana
2024-05-17 19:42:35
Қарақалпақстанда бүгин және күшли жаўын жаўмақта.

@Karakalpak24
46.5K viewsedited  16:42
Buka / Bagaimana
2024-05-17 19:40:11
Күни кеше болып өткен «Бозатаў ФЕСТ — Жаслар ҳаўазы» таңлаўының жуўмақлаўшы басқышы салютлар шоусы менен жуўмақланды.

@Karakalpak24
41.8K views16:40
Buka / Bagaimana