Get Mystery Box with random crypto!

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Alamat saluran: @ibratli_sozler
Kategori: Agama
Bahasa: Bahasa Indonesia
Pelanggan: 19.97K
Deskripsi dari saluran

От жаққыштан дана шығар,
Сөзге қулақ түре-түре.
Аязий.
Шөлкемлестириўши: Яссаўий
Инстаграм каналымыз:
Instagram.com/ibratli_sozler_
Ютуб каналымыз:
https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ratings & Reviews

2.67

3 reviews

Reviews can be left only by registered users. All reviews are moderated by admins.

5 stars

1

4 stars

0

3 stars

0

2 stars

1

1 stars

1


Pesan-pesan terbaru

2024-05-14 03:44:52
Қайырлы таң!


Және бир таң атты, шықты қуяшым,
Асығаман өзиңсең сол сырласым,
Кел бугин тилегимди жоллайын саған,
Күн бойы кеўлимди ашып жазайын.

Ара алыс бирақ кеўли жақыным,
Шарла қәлемиңди болсын ушқыр дым
Сизлерсиз жайнамас кеўилдиң бағы,
Бахыттан жайнасын кеўлиң, қуяшың.



Ассалаўма әлейкум аманбысыз Қәдирданым, бүгинги күниңиз жақсы жаңалықларға, қуўанышларға бай болсын.
Шаңарағыңыздан күлки айырылмасын, биз бенен бирге болың!

Жаўза айының он төртинши сәнеси


https://t.me/ibratli_sozler
7.5K views00:44
Buka / Bagaimana
2024-05-13 20:27:16
ҚАЙЫРЛЫ АҚШАМ!

Қайырлы түн қәдирданлар,  түниңиз тыныш болсын, жақсы түслер көриң.

Таңда дийдарласқанша  жақсы дем алың!

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!

https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
5.4K views17:27
Buka / Bagaimana
2024-05-13 19:54:43
#даналық_сөзлер

Ақыл - майсыз, пиликсиз шыра, ол қандай тас-түйнек қараңғыда да саған жол таўып береди.

Ақмақлық - соқырлық. Ол сени күпә-күндиз күни орға жығады, шөлистанда-ақ теңизге батырады, теңизде-ақ қумға көмеди.


«Қарақалпақнама»дан.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
6.3K views16:54
Buka / Bagaimana
2024-05-13 18:37:16 ҚАРАҚАЛПАҚ ЕЛИМЕ

Тәрийп берсем мен туўылған жериме,
Миллетимниң арын бууып белиме,
Бундай жерди басқа жерде көрмейсен,
Кел мийманым Қарақалпақ елиме.

Ақ көкирек ангөдеклеу халқы бар,
Журт сыйлаған миллий дәстур, салты бар,
Тойларына, әдетине қарасаң,
Басқа еллер кылғанынан парқы бар.

Қарақалпақ, саҳра елим,  шәменим,
Зағара нан, палаў, гүртик жегеним,
Бизлер салған имаратқа тең келмес,
Дубайдағы Бурж халифа дегениң.

Ҳауасы зор озгериушең райлы,
Сууын ишсең, ишкен сайын унайды,
АКШ дағы Вашингтонның алдында,
Пахта өскен атызларым шырайлы.

Ыссы қуяш топырақты қуўырган,
Сол топырақта излерим бар жуўырған,
Назлымхан сулыўдай естелигимниң,
Қай жери кем сен мақтаған Луврдан?

Атызында шекер қаўын теңкейген,
Суў бойында мәжнүнталы еңкейген,
Уллы Қытай дийўалының орнына,
Шылпығымды жәннетлерге тең деймен.

Келген қо,нақ сирә таслап кеталмас
Шырайына бийпәруалық еталмас,
Тастың кәни Қаратаўым бойына,
Париждеги Эйфелиң де жеталмас.

Аўылымда алдын қонақ болдың ба?
Пешахана сыпасында кондың ба?
Қызарып гүллеген жынғыл даламды,
Алмаспайман Англия Лондонға.

Тарийхы бар түп өтмиштен сазалы,
Ҳақ нийети сап булақтай тазалы,
Шет елдеги жеген гамбургериңнен,
Мениң ыссы шөрек наным мазалы.

Гаваийде алған демиң дем емес,
Ашшы көлим Гаваийден кем емес,
Карекеңе пайтахт болған Нөкиске,
Ҳәтте сениң Токиоң да тең емес.

Қалың өскен көк қамыста жатып көр,
Жалаң аяқ орпаңларға батып көр,
Бир жақтағы ананасты мақтамай,
Карекеңниң гүрбегин бир татып көр.

Сырт елдеги аспазлардың алығын,
Мақтап тағамларын палға малыдың,
Алып кел соларды лал қалдырайын,
Бир жеп көрсин Қаратерең балығын.

Керек сөзим таппай йошым қыстаған,
Бирақ көкке теңеуге де устаман,
Цицилия атаўлары қасында,
Шырайлырақ Бөриш таўым, Қусханам.

Көргенге ерксиз таңлай қақтырар,
Ултанынан санмың байлық атқылар,
Кең жазықлы арқадағы Үстиртим,
Қушағында кийиклерим шапқылар.

Халқым даласында жәўлан урғаны,
Ырысқыдан толар үлкен қырманы,
Мен таныйман Ҳиндистанға ушса да,
Аралыма қонып өткен тырнаны.

Чарли Чаплинди көп тилге алыпты,
Қылық пенен күлдирген ол халықты,
Бизлерде Өмирбек лаққы жасаған,
Ҳәзилдиң бәрлығы соннан қалыпты.

Сизлер жақта алымлар көп деседи,
Дәрилери хәмме дәртти кеседи,
Сол дәриниң ең тийкаргы гиясы,
Боян тамыр мен тәрепте өседи.

Жақсы деме Шекспирдиң жырларын,
Үйрен деме операның сырларын,
Сен оларды мақтағанды койып тур,
Бир тыңлап көр Демберместиң ырғағын.

Пәнт жемейсең болсаң бизге аўыллас,
Ағам деймиз, иним деймиз баўырлас,
Буныңдай жанкүйер, миймандос халық,
Сениң Мадрит, Берлиниңнен таўылмас.

Елим жасар гүл жайнаған дәўирде,
Адамлары хош жағады кеўилге,
Көрки сулыў болған аўыл-қаламды,
Бералмайман Пекиниңе, Сеулге.

Айтаберсем тәрийплерим таўсылмас,
Кел мийманым кеўилиңниң маўқын бас,
Қарақалпақ деп айтады бизлерди,
Мийман ушын ҳасла есик қаўсырмас.

Жангелдиев Ниетулла (ойшыл).
07.03.2019 ж


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
6.4K views15:37
Buka / Bagaimana
2024-05-13 17:02:51
#нәсият

Егер ҳәр бир адам өзиниң бир қыйтақ жеринде қолынан келген барлық жумысты атқарғанда еди, жеримиз буннан да гөззалланған болар еди.

А.Чехов

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
5.2K views14:02
Buka / Bagaimana
2024-05-13 13:34:09 #нәсият

Бурынғының уллы алымы Ризаўатдин ибн Фахритдинниң нәсиятларынан:

Сөйлеген ўақтыңызда қысқа ҳәм ашық мазалы етип сөйлең. Тил адамның кеўлиндеги кеширмелерди ашып бериўши ағзадур.

Биреўге жағынаман деп, болмаған, өтирик гәплерди сөйлемең. Биреўди ғыйбат қылмаң, сыртынан жаманламаң. Өзиңиз билмеген нәрселерди айтпаң.

Басқалардан еситкен сөзиңиз бенен биреўди айыпламаң. Басқаларға сөз берместен, тек өзиң сөйлеп, ҳәммени бийзар қылмаң.

"Мениң сөзим дурыс" деп өжетлене бериў де - жалғаншылықтың белгиси. Сизден биреў, бир нәрселер туўралы сораса, қопаллық пенен жуўап бермей, әдеп-тәрбияға сүйенип жуўап қайтарың.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
6.2K views10:34
Buka / Bagaimana
2024-05-13 12:55:46
Ҳүрметли "Ибратлы сөзлер" каналы ықласбентлери!

     Сизлердиң араңыздан яки ағайинлериңизден елге үлгили болатуғындай шаңарақларды видеоролик етип ислеп ибрат сыпатында каналда жәриялап барыўды мақул көрдик. Бир шаңарақ көплиги менен, және бири жетискенлиги менен яки зиялы ҳәм мийнеткешлиги менен үлги болыўы мүмкин. Ол үлгили инсанлар Сизиң шаңарақтан сол ушын оларды ибрат сыпатында көрсетиң!

   Үлгили шаңарақтың фото сүўретлерин бизге жиберсе бизиң монтаж усталарымыз видеоролик таярлап каналға жәриялайды.

    Видеоролик төлемли.
Төлемди пластик карта арқалы әмелге асырсаңыз болады:


Үлгили шаңарақ ағзаларының фото сүўретлерин яки жетискенликлерин  каналымыздың жеке телефонына жибересиз.

+998880967412
https://t.me/ibratli_sozler
5.1K viewsedited  09:55
Buka / Bagaimana
2024-05-13 11:50:25
Халық шайыры Аббаз Дабыловтың жас әўладларға қарата айтқан қосығынан.

Салың баллар ғалаўытсыз қарыўды,
Талап ет он минут бурын барыўды,
Көп оқып, билимниң кәнине шықсаң,
Сүйерсиз сүйсинип кәсип таңлаўды.

Туйғын суңқар аў алалмас талпынбай,
Умтылың жасларым алға тартынбай,
Қап таўындай көринип тур алдыңда,
Билим кәни түўесилмес алтындай.

Аббаз Дабылов,
1959-жыл.

Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
5.8K views08:50
Buka / Bagaimana
2024-05-13 11:15:08
Сөзлер дәридур, бирақ базы сөзлер зәҳәрдур.
Бири даўалайды, басқа бири болса өлтиреди.

Шекспир


Каналымызға ағза болыўды умытпаң!
https://t.me/ibratli_sozler
https://t.me/ibratli_sozler
5.2K views08:15
Buka / Bagaimana